bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Nehemiah 13
Nehemiah 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
1
Сол күни Муўсаның китабы халыққа оқып берилди. Китапта былай деп жазылған еди: «Аммонлар менен моаблылар ҳеш қашан Қудайдың жәмийетине кире алмайды.
2
Себеби олар Израил халқы Мысырдан шыққанда, оларды суў ҳәм нан менен қарсы алыўдың орнына, израиллыларды ғарғаў ушын Биламды жаллап алды. Бирақ Қудайымыз ғарғысты жарылқаўға айландырды».
3
Бул Нызамды еситкеннен соң, Израил халқы барлық өзге миллет адамларын өзлеринен бөлекледи.
4
Буннан алдын Қудайымыздың Үйиндеги затлар сақланатуғын бөлмеге руўханий Эляшиб қадағалаўшы етип тайынланған еди. Ол Тобия менен жақын байланыста болып,
5
Тобияға үлкен бир бөлме ажыратып берген еди. Бурын бул бөлмеге ғәлле садақалары, хош ийисли түтетки, Ибадатхана буйымлары, сондай-ақ нызам бойынша лебийлилерге, қосықшыларға ҳәм дәрўаза қараўылларына тийисли болған дән, шарап ҳәм зәйтүн майынан алынған оннан бирлер, руўханийлерге берилген садақалар қойылатуғын еди.
6
Бирақ бул ислер болып атырған ўақытта мен Ерусалимде емес едим. Себеби Бабилония патшасы Артаксеркстиң патшалығының отыз екинши жылы мен патшаға кеткен едим. Бир неше ўақыт өткеннен кейин, мен патшадан рухсат алып,
7
Ерусалимге қайттым. Сонда Эляшиб ислеген жаман ис, яғный Эляшибтиң Тобияға Қудайдың Үйиниң ҳәўлисинен бир бөлме ажыратып бергенин билдим.
8
Буған қатты ғәзебим келип, Тобияға тийисли ҳәмме затларды бөлмеден шығарып, ылақтырдым.
9
Кейин бөлмелерди пәклеўди буйырдым. Соңынан Қудайдың Үйине тийисли буйымларды, ғәлле садақаларын ҳәм хош ийисли түтеткини ол жерге қайтадан қойдырдым.
10
Және де, лебийлилерге өз үлеслери берилмегенин, сол себепли Ибадатханада хызмет етип жүрген лебийлилер менен қосықшылар өз атызларына кетип қалғанын билдим.
11
Сонда ел басшыларына кейип, оларға: «Қудайдың Үйи неге қараўсыз қалды?» – дедим. Соңынан кетип қалғанлардың ҳәммесин қайта жыйнап, өз орынларына хызметке қойдым.
12
Сонда пүткил Яҳуда халқы дәннен, шараптан ҳәм зәйтүн майынан беретуғын оннан бир бөлегин затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келе баслады.
13
Мен руўханий Шелемияны, улама Садоқты ҳәм лебийлилерден Педаяны затлар сақланатуғын бөлмелерге жуўапкер етип, ал Маттанияның ақлығы, Заккурдың улы Хананды оларға жәрдемши етип қойдым. Булар садық адамлар еди. Олардың ўазыйпасы Лебий урыўынан болған туўысқанларына үлеслерин бөлип бериўден ибарат еди.
14
Қудайым, мени ядқа ала гөр. Қудайымның Үйи ушын ҳәм ондағы хызметлер ушын ислеген жақсы ислеримди ҳеш қашан умытпағайсаң!
15
Сол күнлери Яҳудада базы адамлардың Шаббат күни искенжеде жүзим сығып атырғанын көрдим. Базылардың қап-қап дәнди ешеклерине жүклеп, және де шарап, жүзим, әнжир ҳәм басқа да жүклерди артып, Шаббат күни Ерусалимге алып киятырғанын көрдим. Сол күни, мен оларды азық-аўқат сатып атырғаны ушын қатты ескерттим.
16
Соның менен бирге Ерусалимде жасайтуғын тирлилер балық ҳәм ҳәр түрли затлар алып келип, Шаббат күни Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге сатып жүрди.
17
Мен Яҳуда ақсүйеклерине кейип, оларға былай дедим: «Неге бундай жаўыз ислерди ислеп, Шаббат күнин хорлап атырсызлар?
18
Ата-бабаларыңыз да усылай ислегенликтен Қудайымыз басымызға ҳәм бул қалаға апатшылық жаўдырмады ма? Сизлер Шаббат күнин хорлаў арқалы Қудайдың Израилға деген ғәзебин лаўлатып атырсызлар».
19
Буннан кейин, мен: «Шаббат күнинен алдынғы күн геўгим түсе баслағаннан Ерусалим дәрўазалары жабылып, олар Шаббат күни өткенше ашылмасын», – деп буйырдым. Шаббат күни қалаға ҳеш бир жүктиң киргизилмеўи ушын, хызметшилеримнен базыларын дәрўазаларға қойдым.
20
Сонда саўдагерлер ҳәм ҳәр қыйлы нәрселерди сатыўшылар бир-еки рет Ерусалим сыртында түнеди.
21
Бирақ мен оларға қатты кейип: «Сизлер неге дийўал жанында түнеп атырсызлар? Егер және усылай ислейтуғын болсаңыз, сизлерге қарсы шара қолланаман», – дедим. Сол күннен баслап, олар Шаббат күни келмейтуғын болды.
22
Шаббат күниниң мухаддеслигин сақлаў ушын, мен лебийлилерге өзлерин пәклеўди ҳәм келип, дәрўазаларда нәўбетшилик етиўди буйырдым. Қудайым, бул ис ушын да мени еске алып, Өзиңниң уллы мийримиң менен маған реҳим ете гөр!
23
Және мен сол күнлери Ашдод, Аммон ҳәм Моаб жерлеринен болған ҳаялларға үйленген яҳудийлердиң де бар екенин билдим.
24
Ҳәтте, олардың балаларының ярымы ашдодлылар сөйлейтуғын тилде ямаса басқа халықлардың тилинде сөйлеп, еврей тилин билмейди екен.
25
Соның ушын мен оларға кейип, нәлет айттым. Айырым еркеклерди урып, шашларын жулдым. Оларға Қудай ҳақы былай ант ишкиздим: «Қызларыңызды өзге миллет адамларына турмысқа бермеңлер, өзлериңиз де, улларыңыз да олардың қызларына үйленбеңлер.
26
Израил патшасы Сулайман да усындай ҳаяллар себепли гүнаға батқан жоқ па еди? Көплеген халықларда оған уқсаған патша жоқ еди. Ол өз Қудайының сүйиклиси болғанлықтан, Қудай оны пүткил Израил үстинен патша етип қойған еди. Сондай болса да, өзге миллетлерден алған ҳаяллары оны да гүнаға баслады.
27
Өзге миллет қызларына үйленип, Қудайымызға опасызлық еттиңиз. Ислеген бул аса жаўызлығыңызды көрмесликке алыўымыз керек пе?»
28
Бас руўханий Эляшибтиң улы Иояданың улларынан бири хоронлы Санбаллаттың күйеў баласы еди. Сол себепли мен оны жанымнан қуўып жибердим.
29
Қудайым, оларды еске ала гөр! Себеби олар руўханийлик хызметин, руўханийлик ҳәм лебийлик келисимин бузып, мухаддесликти ҳарамлады.
30
Усылайынша, мен руўханийлер менен лебийлилерди ҳәмме жат нәрселерден тазаладым. Және олардың хызметлерин қайта тиклеп, жумысларын белгилеп бердим.
31
Жандырылатуғын отынлар менен егинниң дәслепки өнимлерин белгиленген ўақытта алып келиўди жолға қойдым. Қудайым, буларды мениң ийгилигим ушын еске ала гөр!
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13