bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Philippians 3
Philippians 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
1
Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нәрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, және де бул сизлер ушын зыянсыз.
2
Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар!
3
Өйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Қудайдың халқымыз. Бизлер Қудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масийх Ийса менен мақтанып, өз денемизге сүйенбеймиз.
4
Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў өз шығысыма ҳәм ерискен нәрселериме сүйениўге дәлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де көбирек:
5
мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенямин урыўынан болған нағыз евреймен. Мухаддес Нызам бойынша парисеймен.
6
Диний инта бойынша исениўшилер жәмәәтин қуўдалаған ҳәм Мухаддес Нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим.
7
Бирақ, бир ўақытлары әҳмийетли деп билген бул нәрселеримди енди Масийх ушын пайдасыз деп есаплайман.
8
Аўа, мен ҳәмме нәрсени Ийем Масийх Ийсаны билиўдиң артықмашлығы алдында пайдасыз деп санайман. Және де, мен Масийх ушын ҳәмме нәрседен бас тарттым ҳәм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳәммесин сыпырынды деп есаплайман. Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын өз ҳақлығыма емес, ал Масийхқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Қудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен.
10
Қәне енди, Масийхтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам.
11
Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем.
12
Мен буларға әлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масийх мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман.
13
Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман.
14
Қудайдың сыйына, Оның Масийх Ийса арқалы аспанға шақырыўына ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман.
15
Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳәммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Қудай сизлерге буны да ашып береди.
16
Деген менен, қандай дәрежеге ерискен болсақ, сол дәрежеге сай пикирлеп, сол дәрежеге сай өмир сүрейик.
17
Туўысқанларым, ҳәммеңиз бирликте меннен өрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге көрсеткен өрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар.
18
Сизлерге көп мәрте айтқанымдай, ҳәзир де көз жасларымды төгип тәкирарлап атырман: көп адамлар Масийхтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта.
19
Бундайлардың ақыбети – набыт болыў, олардың қудайы – өз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды.
20
Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Қутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масийхтың келиўин күтпектемиз.
21
Ҳәмме нәрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳәлсиз ҳәм өткинши денемизди өзгертип, Өзиниң даңқлы денесине уқсатады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4