bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Philippians 4
Philippians 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
1
Сонлықтан шын жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳәм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қәдирданларым!
2
Эводияға өтиниш етемен, Синтихияға да өтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар!
3
Аўа, садық Сизигус саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жәрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳәм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жәриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳәммесиниң атлары Өмир китабында жазылған.
4
Ийемиз бенен қатнаста болып, бәрқулла қуўаныңлар. Тәкирарлап айтаман: қуўаныңлар.
5
Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳәмме адамларға мәлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
6
Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер.
7
Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масийх Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды.
8
Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек ғана нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пәк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, және де, нениң жақсы ҳәм нениң алғысқа ылайықлы екени ҳаққында терең ойлаңлар.
9
Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳәм көрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады.
10
Маған енди және ғамхорлық көрсетип атырғаныңыз себепли, Ийемизде қатты қуўанаман. Әлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди.
11
Мен бул сөзлерди мениң бир мүтәжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен.
12
Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳәр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳәм ашлықта, молшылықта ҳәм мүтәжликте жасаўдың сырын үйрендим.
13
Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масийх пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан.
14
Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бөлисип, жақсы иследиңлер.
15
Сиз филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жәриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жәмәәтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды өзлериңиз де билесизлер.
16
Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мәртебе маған мүтәж нәрселеримди жеткиздиңлер.
17
Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис көбейсин деп айтып атырман.
18
Менде ҳәмме нәрсе бар, ҳәтте, артып та атыр. Эпафродит арқалы жиберген нәрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтәжлигим қалмады. Бул нәрселер – хош ийисли түтетки ҳәм Қудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық.
19
Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масийх Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қанаатландырады.
20
Әкемиз Қудайға мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.
21
Масийх Ийсаға тийисли болған барлық мухаддеслерге сәлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сәлем айтып атыр.
22
Барлық мухаддеслер, әсиресе Рим императорының сарайындағылар сизлерге сәлем айтып атыр.
23
Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими руўхыңызға яр болсын!
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
All chapters:
1
2
3
4