bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ruth 3
Ruth 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
1
Бир күни қәйин енеси Нағыйма Рутқа былай деди: – Қызым, саған жақсы болыўы ушын, сениң үйли-жайлы болып кетиўиңе мен жәрдем бериўим керек емес пе?
2
Айтпақшы, сен өзиң хызметшилери менен бирге жумыс ислеген сол Боаз бизлердиң жақын ағайинимиз-ғо. Минекей, бүгин түнде ол қырманда арпасын суўырады.
3
Енди сен жуўынып, үстиңе әтир сеўип, шырайлы кийимиңди кийип ал, соннан кейин қырманға бар. Бирақ Боаз қашан ишип-жеп болмағанша, оған көринбе.
4
Ол уйықлаўға жатқанда, жатқан жерин билип ал. Соннан кейин бар да, оның аяқ уш бетин ашып, сол жерде жат. Ол саған не ислеўиң кереклигин өзи айтады.
5
Рут енесине: – Маған айтқанларыңның ҳәммесин орынлайман, – деди.
6
Соннан кейин Рут қырман басына барып, енесиниң тапсырғанларының ҳәммесин орынлады.
7
Боаз ишип-жеп, кеўли көтерилди ҳәм гүдиниң қасына барып, уйықлаўға жатты. Рут әстен сездирмей келди де, оның аяқ уш бетин ашыңқырап жатты.
8
Түнниң ортасында Боаз шоршып оянып кетти. Ол бурылып қарап, аяқ уш бетинде бир ҳаялдың жатырғанын көрди ҳәм оннан:
9
– Сен кимсең? – деп сорады. Рут оған: – Мен сизиң шорыңыз Рутпан. Шорыңызды өз панаңызға алсаңыз, себеби сиз әмеңгеримиз боласыз, – деди.
10
Боаз оған былай деди: – Қызым, сени Жаратқан Ийе жарылқасын! Сениң бул соңғы жақсылығың алдынғысынан да уллы. Себеби сен я кәмбағал болсын, я бай болсын, жас жигитлер арасынан өзиңе күйеў излемедиң.
11
Енди қәўетерленбе, қызым. Айтқанларыңның ҳәммесин орынлайман. Пүткил қала халқы сениң адамгершиликли ҳаял екениңди биледи.
12
Мениң сизлерге әмеңгер екенлигим дурыс, бирақ меннен де жақынырақ әмеңгериңиз бар.
13
Бүгин түнде усы жерде қонып қал. Ертең азанда сол ағайиниң әмеңгерлик ўазыйпасын орынлаўға ыразы болса, онда жүдә жақсы. Егер де ол әмеңгерлик ўазыйпасын орынлаўды қәлемесе, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул ўазыйпаны мен орынлайман. Енди таңға дейин жата тур.
14
Солай етип, Рут Боаздың аяқ уш бетинде таң атқанша жатып қалды. Бирақ ол таң саз берип, адамлар бир-бирин танымайтуғын ўақытта турды. Өйткени Боаз: «Қырманға ҳаял адамның келгенин ҳеш ким билмесин», – деген еди.
15
Боаз Рутқа: – Жаўлығыңды жайып, услап тур, – деди. Рут жаўлығын жайып, услап турды. Боаз жаўлыққа алты өлшем арпаны өлшеп салып, ийнине арқалатып жиберди. Кейин өзи де қалаға қарай жүрип кетти.
16
Рут үйине қайтып келгенде, енеси оннан: – Қызым, не болды? – деп сорады. Рут өзине Боаздың не ислегениниң ҳәммесин айтып берди.
17
Соңынан Рут: – Ол маған: «Қәйин енеңниң алдына қуры қол барма», – деп мына алты өлшем арпаны берип жиберди, – деди.
18
Енеси оған: – Қызым, усы истиң ақыры не болатуғынын билгениңше күтип тур. Себеби ол адам бул исти бүгин ақырына жеткермегенше тыным таппайды, – деди.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4