bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ruth 4
Ruth 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
1
Боаз қала дәрўазасының жанына барып отырды. Қараса, өзи айтқан әмеңгери қасынан өтип баратыр екен. Боаз оны шақырып: – Туўысқаным, берман келип, мына жерге отыр, – деди. Сол адам келип отырды.
2
Соңынан Боаз қала ақсақалларынан он адамды жыйнап алып, оларға: – Келиңлер, сизлер де усы жерде отырыңлар! – деди. Олар келип отырды.
3
Сонда Боаз сол әмеңгерге былай деди: – Моаб елинен қайтып келген Нағыйма ағайинимиз Элимелехке тийисли жер үлесин сатпақшы.
4
Мен саған мынаны мәлим етпекшимен: усы жерде отырғанлар ҳәм халқымның ақсақаллары алдында сен сол жерди сатып ал. Егер сен әмеңгерлик ўазыйпасын орынламақшы болсаң, орынла. Егер де орынлаўды қәлемесең, онда маған айт, мен билейин. Себеби бул ўазыйпаны орынлаў биринши гезекте сениң мойныңда. Ал сеннен кейинги нәўбет меники. Сол адам: – Мен әмеңгерлик ўазыйпамды орынлайман, – деди.
5
Боаз оған: – Егер сен Нағыймадан жерди сатып алатуғын болсаң, онда марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, оның моаблы жесир ҳаялы Рутты да ҳаяллыққа алыўың керек, – деди.
6
Сол әмеңгери Боазға: – Олай болса, мен әмеңгерлик ўазыйпамды орынлай алмайман. Себеби өз мүлкимди жоғалтып алыўым мүмкин. Жақсысы, бул ўазыйпаны сен орынла, өйткени мен орынлай алмайман, – деди.
7
Әййемги Израилда мынадай дәстүр бар еди: егер биреў әмеңгерлик ўазыйпасын орынлайтуғын ямаса мал-мүликлерин алыс-берис қылатуғын болса, онда буның дәлили сыпатында биреўи аяқ кийимин шешип, екиншисине беретуғын еди. Мине, бул Израилда тастыйықланған гүўалықтың орнын басатуғын еди.
8
Солай етип, сол әмеңгер Боазға: – Өзиң сатып ала бер, – деди де, аяқ кийимин шешип, оған берди.
9
Боаз ақсақалларға ҳәм барлық халыққа қарап былай деди: – Бүгин сизлер мынаған гүўасызлар: мен Нағыймадан марҳум Элимелех, Килйон ҳәм де Махлонның барлық мүлкин сатып алып атырман.
10
Және де, мен марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, Махлонның жесири, моаблы Рутты ҳаяллыққа аламан. Марҳумның туўысқанлары арасында ҳәм өзи жасаған қалада аты өшпесин. Бүгин сизлер усыған гүўасызлар.
11
Дәрўаза жанында болған пүткил халық ҳәм ақсақаллар: – Бизлер гүўамыз. Сениң үйиңе киретуғын ҳаялды Жаратқан Ийе Израил халқының еки түпки анасы Раҳила ҳәм Леадай қылғай. Эфратада байлықлар ийеси болғайсаң, Бейтлеҳемде атың уллы болғай.
12
Жаратқан Ийениң усы жас ҳаялдан саған беретуғын балалары арқалы сениң урпағың Тамараның Яҳудаға туўып берген улы Перестиң урпағындай көп болғай, – деди.
13
Солай етип, Боаз Рутты ҳаяллыққа алып, оған үйленди. Боаз Рут пенен қосылды ҳәм Жаратқан Ийе Руттың қурсағына бала берип, ол ул туўды.
14
Ҳаяллар Нағыймаға: «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол бүгин сени ғамхоршысыз қалдырмады. Баланың аты Израилда даңқ-атаққа ийе болсын!
15
Ол сениң өмириңди жаңартады, қартайғанда бағыўшың болады. Себеби оны сени жақсы көретуғын келиниң туўып берди. Усы келиниң сениң ушын жети улдан да артығырақ», – деди.
16
Нағыйма баланы қолына алып, баўырына басты ҳәм өзи бағып тәрбиялады.
17
Қоңсы ҳаяллар: «Нағыйма уллы болды», – деп, балаға ат қойып, оны Обид деп атады. Обид Ишайдың әкеси, Ишай Даўыттың әкеси болды.
18
Перестиң шежиреси мынадай: Перестен Хесрон туўылды,
19
Хесроннан Рам туўылды, Рамнан Амминадаб туўылды,
20
Амминадабтан Нахшон туўылды, Нахшоннан Салмон туўылды,
21
Салмоннан Боаз туўылды, Боаздан Обид туўылды,
22
Обидтен Ишай туўылды, Ишайдан Даўыт туўылды.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
All chapters:
1
2
3
4