bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Song of Solomon 6
Song of Solomon 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 7 →
1
Сүйиклиң қайда кетти, Ҳәй, гөззаллар гөззалы? Ол қай тәрепке кетти? Оны сениң менен бирге излейик.
2
Сүйиклим өз бағына, Жупар ийисли гүл бағына, Бағда сүриўин бағыўға, Лала гүллер териўге кетти.
3
Мен сүйиклимдики, сүйиклим меники. Сүриўин лала гүллер арасында бағады ол.
4
Сүйиклим, сен Тирса қаласындай гөззалсаң, Ерусалимдей сүйкимлисең, Байрақ көтерген ләшкерлердей айбатлысаң.
5
Көзлериңди алып қаш меннен, Олар мени бенде қылмақта. Шашларың Гилад таўларынан түсип киятырған, Қара ешкилер сүриўине уқсайды.
6
Қырқып, шомылдырып шығарылған, Қой сүриўиндей аппақ сениң тислериң. Ҳәр бириниң сыңары бар, Ҳеш бири жалғыз емес.
7
Жапқыш астындағы жүзиңниң алмасы, Анардың ярымындай қып-қызыл.
8
Патшаның алпыс ҳаялы, сексен тоқалы, Сансыз жас қызлары бар.
9
Бирақ мениң қумырым, минсиз сулыўым – теңсиз. Ол анасының жалғызы, Оны туўғанның еркеси. Қызлар оны көрип, бахытлы дейди, Ҳаяллар ҳәм тоқаллар оны мақтайды.
10
Таңдай атқан, Айдай сулыў, күндей жарқыраған, Байрақ көтерген ләшкерлердей айбатлы, Ким екен бул?
11
Ойпатлықтағы көклемзарды көриў ушын, Ҳәм де жүзим путалары бүртик жарды ма, Анар ағашлары гүлледи ме деп, Усыларды көриў ушын, мен ғоза тоғайына бардым.
12
Билмедим, қәлбим мени бийлеп алып, Халқымның ақсүйеклериниң арбасына миндирди.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8