bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Song of Solomon 8
Song of Solomon 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
1
Қәнекей, туўысқанымдай болсаң еди, Анамның емшегин бирге емген! Көшеде көргенимде, сүйер едим, Ҳеш ким мени айыпламас еди.
2
Алдыңа түсип, Турмысқа таярлаған, Анамның үйине алып келер едим. Хош ийисли шараптан, Анарларымның суўынан ишкизер едим саған.
3
Сениң шеп қолың басым астында, Оң қолың менен мени аймалайды.
4
Ерусалим қызлары, сизлерге жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
5
Сүйиклисине сүйенип, Шөлден шығып киятырған ким екен? Алма ағашының астында, Анаң саған ҳәмиледар болған жерде, Ол толғатып, сени туўған жерде, Мен сени оятып алдым.
6
Сал мени жүрегиңе мөрдей қылып, Қолыңа мөрли жүзиктей қылып. Өйткени муҳаббат өлимдей қүдиретли, Қумарлық әжелдей күшли. Ышқының оты отлы жалындай жанар, Лаўлап жанған жалын киби.
7
Суўлар да муҳаббатты өшире алмас, Дәрьялар да оны ағызып кете алмас. Егер адам муҳаббат ушын бары-жоғын берсе де, Ол жек көринишли болып, мазақ қылынар еди.
8
Бизлердиң кишкене қарындасымыз бар, Оның еле көкиреги де шықпаған. Оны айттырып келген күни, Қарындасымыз ушын не қыла аламыз?
9
Егер ол дийўал болса, Үстине гүмис минара қурар едик, Егер ол қапы болса, Оны кедр тахталар менен жаўып таслар едик.
10
Мен өзим дийўалман, Қос анарым минара мысалы, Сол себепли оның көзине, Бахытлы көриндим.
11
Сулайманның Баал-Ҳамонда, Жүзим бағы бар екен, Ол бағды сақшыларға тапсырыпты. Ҳәр бири оның жемиси ушын, Мың шекел гүмис төлеўи керек екен.
12
Мың гүмис теңге сеники болсын, ҳәй, Сулайман, Еки жүзи жемисин қорығандики болсын. Ал мениң жүзимзарым өзимдики, өзиме тийисли.
13
Ҳәй, бағларға мәкан басқан! Жолдасларым даўысыңды еситип тур, Даўысыңды тек мен еситетуғын болайын.
14
Асық сүйиклим! Жупар ийиси аңқыған таўлардағы, Жейрандай ямаса жас суўындай шапқыла.
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8