bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Matthew 15
Matthew 15
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 16 →
1
Сонда Ийсаның қасына Ерусалимнен парисейлер менен диний муғаллимлер келип, Оған:
2
– Не ушын Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған дәстүрлерди бузып жүр? Олар нан жеўден алдын қолларын жуўмайды-ғо, – деди.
3
Ийса оларға жуўап берип, былай деди: – Сизлер не ушын дәстүрлериңиз себепли Қудайдың буйрығын бузасызлар?
4
Себеби Қудай: «Ата-анаңды сыйла» ҳәм: «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сөз айтса, ол өлтирилсин» деп буйрық берген.
5
Ал сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Сизлерге беретуғынымды Қудай жолына қурбан етип бағышлайман“, десе,
6
ол әкесин ямаса анасын сыйламаса да болады», – дейсизлер. Солай етип, дәстүрлериңиз себепли, сизлер Қудайдың сөзин бийкар етип атырсызлар.
7
Ҳәй, еки жүзлилер! Ийшая пайғамбар сизлер туўралы алдын ала дурыс айтқан:
8
«Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
9
Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер».
10
Соңынан Ийса халықты шақырып алып, оларға: – Тыңлап, түсинип алыңлар:
11
адамды оның аўзына енген нәрсе емес, ал аўзынан шыққан нәрсе ҳарамлайды, – деди.
12
Сонда Оның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Бул сөзди еситкенде, парисейлердиң ашыўланып қалғанын билдиң бе? – деп сорады.
13
Ийса оларға: – Аспандағы Әкем екпеген ҳәр бир өсимлик түп-тамыры менен жулып тасланады.
14
Оларды қойыңлар. Олар – соқырлардың соқыр жетелеўшилери. Егер соқырды соқыр жетелесе, екеўи де шуқырға қулап түседи, – деди.
15
Петр Оған: – Бул тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.
16
Ийса оларға: – Сизлер еле түсинбей турсызлар ма?
17
Аўызға енгенниң ҳәммеси қарынға баратуғынын, оннан соң сыртқа шығып қалатуғынын түсинбейсизлер ме?
18
Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы.
19
Өйткени жаманлық ойлаў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, бузық болыў, урлық ислеў, жалған гүўалық бериў ҳәм масқаралаў кеўилден шығады.
20
Адамды ҳарамлайтуғын усылар. Ал қол жуўмай аўқат ишиў адамды ҳарамламайды, – деди.
21
Ийса сол жерден шығып, Тир ҳәм Сидон үлкесине кетти.
22
Сол үлкелерден кананлы бир ҳаял келип, Оған: – Ийем, Даўыттың Урпағы, маған реҳим ете гөр! Мениң қызымды жин урып, қатты қыйналып атыр, – деп бақырды.
23
Бирақ Ийса оған ҳеш нәрсе айтпады. Сонда шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Оны жибер, изимизден бақырып киятыр-ғо, – деп өтинди.
24
Ийса: – Мен тек Израилдың жоғалған қойларына жиберилгенмен, – деп жуўап қайтарды.
25
Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да: – Ийем! Маған жәрдем ете гөр! – деп жалынды.
26
Ийса оған жуўап берип: – Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
27
Ҳаял: – Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди.
28
Сонда Ийса оған: – Ҳәй, ҳаял, сениң исенимиң күшли екен, тилегениң болсын, – деди. Оның қызы сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
29
Ийса сол жерден кетип, Галила теңизине келди ҳәм таўға шығып отырды.
30
Сонда Оның қасына көп халық жыйналып қалды. Олар өзлери менен бирге ақсақларды, соқырларды, майыпларды, гүңелеклерди ҳәм басқа да аўырыў адамларды Ийсаның алдына алып келди. Ийса оларға шыпа берди.
31
Солай етип, гүңелеклердиң тиллери шығып, майыплардың жазылып, ақсақ болғанлардың жүрип, соқырлардың көзлери ашылып кеткенлигин көрген халық аң-таң болысып, Израилдың Қудайына алғыс айтты.
32
Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып, оларға: – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Оларды аш ҳалында жибергим келмейди, себеби жолда ҳәлсиреп қалыўы мүмкин, – деди.
33
Шәкиртлери: – Усыншама халықты тойғыза аларлықтай, бир елсиз далада нанды қаяқтан табамыз? – дести.
34
Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, және бир неше киши балық та бар, – деп жуўап берди.
35
Соңынан Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды.
36
Жети нанды ҳәм балықларды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди.
37
Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен жети себет толтырды.
38
Жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа төрт мың адам еди.
39
Соннан соң, Ийса халықты тарқатып жиберди де, қайыққа минип, Магдала дөгерегине кетти.
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 16 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28