bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Matthew 28
Matthew 28
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
1
Яҳудийлердиң дем алыс күни өткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди көриўге келди.
2
Бирден жер қатты силкинип, Қудайдың периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды.
3
Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди.
4
Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм өли сыяқлы болып, жаны қалмады.
5
Периште ҳаялларға: – Қорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгенлериңизди билемен.
6
Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер.
7
Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып: «Ийса өлимнен қайта тирилипти! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде көресизлер!» – деп айтып барыңлар. Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди.
8
Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти.
9
Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып: – Ассалаўма әлейкум! – деди. Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған табынды.
10
Сонда Ийса оларға: – Қорқпаңлар! Мениң туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде көреди, – деди.
11
Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди.
12
Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип:
13
– «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар.
14
Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди.
15
Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған.
16
Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның өзлерине айтқан таўына барды.
17
Олар Ийсаны көргенде, Оған табынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды.
18
Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген.
19
Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып,
20
Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28