bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Matthew 17
Matthew 17
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 18 →
1
Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты.
2
Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды.
3
Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сөйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар көринди.
4
Сонда Петр Ийсаға: – Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
5
Ол еле сөйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
6
Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды.
7
Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де: – Турыңлар, қорқпаңлар! – деди.
8
Олар көзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9
Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы өлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды.
10
Сонда олар: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
11
Ийса оларға: – Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди.
12
Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди.
13
Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди.
14
Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де:
15
– Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады.
16
Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди.
17
Ийса жуўап қайтарып: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди.
18
Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
19
Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип: – Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
20
Ийса оларға: – Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. [
21
]
22
Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи.
23
Олар Оны өлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Буған олар қатты қапа болды.
24
Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан: – Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын төлемей ме екен? – деп сорады.
25
Петр: – Аўа, төлейди, – деди. Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын: – Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Өз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады.
26
Петр: – Басқа адамлардан, – деди. Ийса: – Олай болса, патшаның балалары салық төлеўден азат.
27
Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, төрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен өзиң ушын оларға төле, – деди.
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28