bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Peter 1
1 Peter 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 2 →
1
Ийса Масийхтың елшиси Петрден, Понтус, Галатия, Каппадокия, Азия ҳәм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасап атырған, Қудай тәрепинен таңлап алынғанларға сәлем!
2
Ийса Масийхқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Қудай Әке сизлерди әзелден-ақ таңлап алды ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3
Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Өзиниң шексиз мийрим-шәпәәти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масийхтың өлимнен тирилиўи арқалы бизлерге сөнбейтуғын үмит берди.
4
Ол бизлерди ширимейтуғын, пәк ҳәм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур.
5
Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз.
6
Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳәзир қысқа бир ўақыт ҳәр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де,
7
бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ҳәтте, жоқ болып кететуғын алтын да отта тапланып, сыналады. Ал сизлердиң исенимиңиз алтыннан қымбатлырақ. Сыналған исенимиңиз, Ийса Масийх келгенде сизлерди мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар қылады.
8
Сизлер Масийхты көрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳәзир Оны көре алмасаңыз да, Оған исенип, сөз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир әжайып ҳәм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар.
9
Себеби исенимиңиздиң нәтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер.
10
Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи.
11
Олардың ишинде болған Масийхтың Руўхы Масийхтың шегетуғын азаплары ҳәм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳәм қалай болатуғынын изертледи.
12
Олардың изертлеп айтқанларының өзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Қудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жәриялаўшылар сизлерге ҳәзир жәриялады. Ҳәтте, периштелер де буларды билиўди қатты қәлейди.
13
Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳәрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масийх келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер.
14
Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Қудайды билмеген өткен өмириңиздеги жаман қәлеўлериңиз бойынша жасамаңлар.
15
Керисинше, сизлерди шақырған Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳәр бир ис-ҳәрекетиңизде мухаддес болыңлар.
16
Өйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болың, өйткени Мен мухаддеспен».
17
Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳәр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Қудайды «Әке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы өмириңизде Қудайдан қорқып жасаңлар.
18
Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз өмир тәризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы өткинши нәрселер менен сатып алынбадыңлар.
19
Ал Қудайдың минсиз ҳәм кемшиликсиз Қозысы болған Масийхтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар.
20
Қудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масийхты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди.
21
Оны өлимнен тирилтип, даңққа еристирген Қудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳәм үмитиңиз Қудайға қаратылған.
22
Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы өз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер.
23
Сизлер өлетуғын нәсил арқалы емес, ал өлмейтуғын нәсил арқалы, яғный Қудайдың тири ҳәм мәңгилик сөзи арқалы жаңадан туўылдыңыз.
24
Өйткени: «Пүткил адамзат шөпке, Оның пүткил сән-салтанаты да даладағы гүлге уқсайды, Шөп қуўрап қалар, гүллер төгилер.
25
Бирақ, Ийемиздиң сөзи мәңги сақланар». Усы сөз – сизлерге жәрияланған Хош Хабар.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5