bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Peter 3
1 Peter 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 4 →
1
Ҳәй ҳаяллар, Масийх Қудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Қудайдың сөзине қулақ аспаса да, сизлердиң Қудайдан қорқып, пәк өмир сүрип атырғаныңызды көрип, сөзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили өмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады.
3
Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: әшекөйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳәм сәнли кийимлерден ғана ибарат болмасын.
4
Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳәм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гөззаллықтан ибарат болсын. Бул Қудай алдында жүдә қымбатлы.
5
Өтмиште Қудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да өз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген.
6
Солардың бири Сара да өз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап, оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар.
7
Ҳәй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нәзик екенин ҳәм мәңгилик өмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды.
8
Жуўмақластырып айтқанда, ҳәммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Қайырқом ҳәм кишипейил болыңлар.
9
Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби сизлер Қудайдың жарылқаўын мийрас етип алыў ушын шақырылғансызлар.
10
«Ким де ким өмирден заўықланып, Жақсы күнлер келиўин қәлесе, Тилин жаман сөзден, аўзын өтирик сөз айтыўдан тыйсын.
11
Жаманлықтан қашып, жақсылық ислесин. Тынышлыққа умтылып, соған күш салсын.
12
Өйткени Жаратқан Ийениң көзи ҳақ адамларда, Қулағын түрер олардың жалбарыныўларына. Бирақ Жаратқан Ийе жаманлық қылатуғынларға қарсы шығар».
13
Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди?
14
Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер.
15
Масийхты «Ийемиз» деп, жүрегиңизде айрықша қәстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳәр бир адамға жуўап бериўге ҳәмме ўақыт таяр болыңлар.
16
Деген менен, буны мүләйимлилик пенен, ҳүрмет көрсетип ислеңлер. Масийхқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар.
17
Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қәлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ.
18
Масийхтың Өзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Қудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мәртебе қурбан болды. Денеси өлтирилсе де, Ол руўхта тирилди.
19
Ол, ҳәтте, қамақта болған руўхларға да барып, Өз жеңисин жәриялады.
20
Әййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Қудай адамлардың тәўбе етиўин сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды.
21
Бул – Ийса Масийхтың қайта тирилиўи арқалы ҳәзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Қудайдан пәк ҳүждан сораў дегенди билдиреди.
22
Масийх аспанға көтерилип, Қудайдың оң жағында отыр. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳәм күш ийелери бойсынды.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5