bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Peter 2
1 Peter 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 3 →
1
Сонлықтан ҳәр қандай жаманлықты, ҳәр қыйлы өтирикти ҳәм еки жүзлиликти, күншилликти ҳәм ҳәр қандай өсекти қойыңлар!
2
Жаңа туўылған нәрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Қудайдың сөзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып өсип, қутқарыласызлар.
3
Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып көрдиңлер.
4
Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Қудай тәрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер.
5
Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Қудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масийх арқалы Өзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр.
6
Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Мине, Мен Өзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Сионда орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды».
7
Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол: «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды».
8
Және де, «Сүрниктиретуғын тас, қулататуғын жартас болды». Исенбейтуғынлар Қудайдың сөзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тәғдирине жазылған.
9
Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң әжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жәриялаў ушын таңландыңлар.
10
Бир ўақытлары Қудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Қудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Қудайдың мийрим-шәпәәтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шәпәәтин алдыңлар.
11
Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар.
12
Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды.
13
Ийемиз ушын, адамлар орнатқан ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳәм
14
жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тәрепинен жиберилген ҳәкимлерге бойсыныңлар.
15
Себеби Қудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың өсек сөзлериниң тоқтаўын қәлейди.
16
Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Қудайдың қуллары болып жасаңлар.
17
Ҳәмме адамларға ҳүрмет көрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Қудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар.
18
Ҳәй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳәм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар.
19
Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Қудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Қудайға унайды.
20
Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай әперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Қудайға унайды.
21
Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масийхтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти.
22
«Ол гүна ислемеди, аўзынан жалған сөз де шықпады».
23
Хорланғанда, ҳеш кимге қарсы шығып, кеўлине тиймеди. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Өзин әдиллик пенен ҳүким етиўши Қудайдың қолына тапсырды.
24
Бизлердиң гүна ушын өлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз.
25
Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳәм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5