bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Timothy 1
1 Timothy 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 2 →
1
Қутқарыўшымыз Қудайдың ҳәм үмитимиз Масийх Ийсаның буйрығы менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2
исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Масийх Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!
3
Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған өтиниш еткенимдей, Эфесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тәлиматларды үйретпеўди,
4
аңызлар ҳәм шексиз шежирелер менен бәнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Қудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады.
5
Ал бул буйрықтың мақсети болса – пәк жүректен, таза ҳүжданнан ҳәм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў.
6
Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гәплерге ерип адасты.
7
Олар нызам муғаллими болыўды қәлейди, бирақ нени сөйлеп ҳәм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди.
8
Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин билемиз.
9
Және де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳәм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳәм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳәм мухаддес нәрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын өлтиретуғынлар, адам өлтириўшилер,
10
бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлиматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз.
11
Дурыс тәлимат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Қудай маған исенип тапсырды.
12
Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масийх Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады.
13
Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳәм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шәпәәтин берди. Өйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим.
14
Бирақ Жаратқан Ийениң мийрими Масийх Ийсадағы исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып төгилди.
15
«Масийх Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сөзлер исенимли ҳәм ҳәмме адамлар тәрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер. Мен өзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман.
16
Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масийх Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Өзине исенип, мәңгилик өмирге ерисетуғынларға өрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын көрсетти.
17
Мәңгилик Патшаға, өлмейтуғын ҳәм көринбейтуғын жалғыз Қудайға мәңги-бақый ҳүрмет ҳәм даңқ болсын! Аўмийин.
18
Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сөзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сөзлер бойынша жақсы әскер сыяқлы ис-ҳәрекет ет.
19
Исенимиңди ҳәм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды.
20
Олардың арасында Ҳименей ҳәм Искендер де бар. Қудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жәмәәттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6