bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Timothy 4
1 Timothy 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 5 →
1
Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳәм жинлердиң тәлиматларына қулақ асып, исенимнен қайтады.
2
Бундай тәлиматлар ҳүждансыз болған еки жүзли өтирикшилер тәрепинен тарқалады.
3
Бул өтирикшилер үйлениўди ҳәм турмысқа шығыўды қадаған етеди, және де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, Қудай бул нәрселерди ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын жаратқан.
4
Қудай жаратқан ҳәр бир нәрсе жақсы ҳәм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нәрсеге тыйым салынбаўы керек.
5
Өйткени бизлер ҳәр бир нәрсени Қудайдың сөзи бойынша ҳәм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз.
6
Егер буларды туўысқанларға нәсиятласаң, онда сен исенимниң ҳәм өзиң тутынған жақсы тәлиматтың сөзлери менен азықланған, Масийх Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң.
7
Жарамас ҳәм мәниссиз гәплерден аўлақ болып, өзиңди Қудай жолында шынықтырып бар.
8
Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Қудайдың жолында шынығыў ҳәр тәреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳәзир ҳәм келешекте өмир бериледи.
9
Бул сөзлер исенимли ҳәм ҳәр тәреплеме қабыл етилиўге ылайықлы.
10
Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Өйткени ҳәмме адамлардың, әсиресе исениўшилердиң Қутқарыўшысы болған тири Қудайдан үмит етемиз.
11
Сен усыларды буйыр ҳәм үйрет.
12
Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол.
13
Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жәмәәтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нәсият етиўге ҳәм үйретиўге өзиңди бағышла.
14
Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде, өзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйға бийпәрўа болма.
15
Усыны ис жүзинде қоллан ҳәм табысларыңды ҳәмме көриўи ушын, өзиңди буған толық бағышла.
16
Өзиңе ҳәм берип атырған тәлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, өзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6