bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Timothy 5
1 Timothy 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 6 →
1
Ғарры адамға урыспа, ал оны әкеңдей көрип, нәсият бер. Жас жигитлерди иниңдей,
2
жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды әжапаң ҳәм қарындасыңдай көрип, толық пәклик пенен ақыл-нәсият бер.
3
Ҳақыйқаттан қәўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет.
4
Егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Қудайдың жолы менен жүрип, өз үй-ишине ғамхорлық көрсетиўди, әке-шешеси менен кемпир апа ҳәм атасының алдында парызын өтеўди үйренсин. Себеби бул Қудайға унайды.
5
Ҳақыйқаттан қәўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Қудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди.
6
Бирақ тек кәйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири өлик.
7
Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой.
8
Егер ким де ким өз ағайин-туўғанларына, әсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны.
9
Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мәртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек.
10
Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тәрбиялаған, миймандос болған, мухаддеслердиң аяғын жуўған, қыйыншылықта болғанларға жәрдем берген ҳәм ийгиликли ислерге өзин бағышлаған болыўы тийис.
11
Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Өйткени олардың Масийхқа деген садықлығынан дене қәлеўлери үстин болып, және турмысқа шығыўды ойлайды.
12
Солай етип, олар алдын берген ўәделерин бузып, жазаға дуўшар болады.
13
Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар өткизиўди әдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, өсек те айтады ҳәм керек емес нәрселерди сөйлеп, басқалардың исине араласады.
14
Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳәм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың өсек қылыўына себеп туўдырмаўын қәлеймен.
15
Себеби олардың гейбиреўлери әлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти.
16
Егер исениўши бир ҳаялдың жесир қалған жақынлары болса, оларға жәрдем етсин, исениўшилер жәмәәтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жәмәәти ҳақыйқаттан қәўендерсиз қалған жесирлерге жәрдем ете алады.
17
Жәмәәтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, әсиресе Қудайдың сөзин жәриялап ҳәм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын.
18
Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын байлап қоймаңлар» ҳәм «Жумысшы өз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген.
19
Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыплаўды қабыл етпе.
20
Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳәммениң алдында әшкара қыл.
21
Қудайдың, Масийх Ийсаның ҳәм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тәрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла.
22
Биреўди хызметке қойыўға асықпа. Басқалардың гүналарына шерик болмай, өзиңди таза тут.
23
Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳәм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш.
24
Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мәлим болады.
25
Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳәзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6