bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Thessalonians 1
2 Thessalonians 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 2 →
1
Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем!
2
Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими ҳәм тынышлығы сизлерге яр болсын!
3
Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта.
4
Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳәм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳәм исенимиңиз ушын Қудайдың жәмәәтлеринде сизлер менен мақтанамыз.
5
Булардың ҳәммеси Қудайдың әдил жазасының белгиси. Нәтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Қудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар.
6
Қудай әдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады.
7
Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳәммеси Ийемиз Ийса Өзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда көрингенде жүз береди.
8
Сонда Ийемиз Ийса Қудайды билмейтуғынларды ҳәм Өзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды.
9
Олар мәңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳәм қүдиретли салтанатынан алыслатылады.
10
Ийемиз келген күни Өз мухаддеслери тәрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тәрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Өйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер.
11
Сонлықтан сизлер ушын бәрқулла дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Өзи шақырған өмирге ылайықлы қылсын, ҳәр түрли жақсы арзыў-әрманыңызды ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр бир исиңизди Өз қүдирети менен әмелге асырсын.
12
Солай етип, Қудайымыздың ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳәм сизлер де Ол тәрепинен мәртебели болыңлар.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3