bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Thessalonians 2
2 Thessalonians 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 3 →
1
Туўысқанлар! Енди Ийемиз Ийса Масийхтың қайта келиўине ҳәм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды өтинемиз:
2
Ийемиздиң күниниң әлле қашан келгенин айтқан ҳәр қандай пайғамбаршылық, сөз ямаса бизлер жибергендей етип көрсетилген хат себепли ақылдан дәрҳал азып, тәшиўишленбеңлер.
3
Өзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дәслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тәғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады.
4
Сол адам – Қудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳәр бир нәрсеге қарсы шығып, өзин ҳәммеден жоқары қояды, ҳәтте, ол Қудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, өзин «қудайман» деп жәриялайды.
5
Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па?
6
Сол адамды ҳәзир не услап турғанын билесизлер. Ол өз ўақтында пайда болады.
7
Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери әлле қашан ҳәрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жолдан алып тасланбағанша, ол өз исин даўам ете береди.
8
Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен өлтиреди ҳәм Өзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады.
9
Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди
10
ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлерин қутқара алатуғын ҳақыйқатты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады.
11
Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Қудай оларға алдаўшы бир күш жибереди.
12
Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рәҳәтленетуғынлардың ҳәммеси ҳүким етиледи.
13
Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди.
14
Ийемиз Ийса Масийхтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жәриялаған Хош Хабар арқалы Қудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды.
15
Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сөз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тәлиматымыз бойынша ис тутыңлар.
16
Ийемиз Ийса Масийхтың Өзи ҳәм бизлерди сүйип, мийрим-шәпәәти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳәм жақсы үмит берген Әкемиз Қудай
17
сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳәр қандай жақсы исте ҳәм сөзде де күш-қуўат берсин.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3