bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Timothy 1
2 Timothy 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 2 →
1
Масийх Ийсадағы ўәде етилген өмир ҳаққында жәриялаў ушын, Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2
сүйикли улым Тимофейге сәлем! Қудай Әкемиз ҳәм Ийемиз Масийх Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!
3
Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен.
4
Сениң көз жасларың ядымда. Және дийдарласып, қуўанышқа бөлениўим ушын, сени көриўди аңсап атырман.
5
Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын кемпир апаң Лоидада ҳәм анаң Эвникада болған усы исенимниң ҳәзир сенде бар екенине толық исенемен.
6
Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман.
7
Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди.
8
Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр.
9
Қудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳәм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масийх Ийса арқалы берген еди.
10
Ал енди болса, бул мийримди Қутқарыўшымыз Масийх Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық көрсетти. Масийх Ийса өлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мәңгилик өмирди аян қылды.
11
Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым.
12
Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳәм маған тапсырылғанды Оның Өзиниң сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен.
13
Меннен өзиң еситкен дурыс тәлиматты өрнек қылып, Масийх Ийсаға деген исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен жаса.
14
Саған тапсырылған ийгиликли тәлиматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жәрдеминде сақла.
15
Азия үлкесиндегилердиң ҳәммесиниң, солар арасында Фигел ҳәм Ҳермогенниң мени таслап кеткенин билесең.
16
Ийемиз Онисифордың үй-ишине Өз реҳимин берсин. Өйткени ол көп мәрте маған жубаныш берди ҳәм тутқынлығымнан арланбады.
17
Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи.
18
Сол күни Ийемиз оған Өз реҳимин берсин! Оның Эфесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдә жақсы билесең.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4