bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Timothy 2
2 Timothy 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 3 →
1
Улым, ал сен Ийса Масийх арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар.
2
Көплеген гүўалар алдында меннен өзиң еситкен сөзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады.
3
Масийх Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда.
4
Хызметтеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды.
5
Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди.
6
Аўыр мийнет еткен дийхан зүрәәттен биринши болып үлес алыўы тийис.
7
Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап көр. Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндиреди.
8
Даўыттың урпағынан шыққан ҳәм өлимнен қайта тирилген Ийса Масийхты ядыңда сақла! Мен жәриялап атырған Хош Хабар – усы.
9
Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳәтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Қудайдың сөзи байлаўлы емес.
10
Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масийх Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман.
11
Бул сөз исенимли: «Егер Оның менен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасаймыз да.
12
Егер сабырлылық қылсақ, Оның менен бирге патшалық етемиз. Егер Оннан ўаз кешсек, Ол да бизден ўаз кешеди.
13
Биз садық болып қалмасақ та, Ол садық болып қалады. Себеби Ол Өзинен Өзи ўаз кеше алмайды».
14
Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сөзлер туўралы тартыспаўды оларға Қудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нәрсеге жарамайды.
15
Ҳақыйқат сөзлерин дурыс үйрететуғын ҳәм өз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Қудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тәниң менен тырыс.
16
Жарамас ҳәм бос сөзлерден аўлақ бол. Өйткени бундай сөзлер Қудайдан барған сайын узақластырады
17
ҳәм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сөзлерди айтыўшылар арасында Ҳименей ҳәм Филит те бар.
18
Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳәм өлимнен қайта тирилиў әлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта.
19
Бирақ Қудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Жаратқан Ийе Өзине тийисли болғанларды биледи» ҳәм «Жаратқан Ийеге тийислимен, деген ҳәр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин», – деген сөзлер менен тастыйықланған.
20
Үлкен бир үйде тек алтын ҳәм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳәм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады.
21
Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳәм ҳәр бир жақсы иске тайын ыдыс болады.
22
Ал сен жаслықтың жаман ҳәўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳәм тынышлыққа умтылып жаса.
23
Ақылсыз ҳәм мәниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жәнжел туўдыратуғынын билесең.
24
Ийемиздиң хызметшиси жәнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳәмме менен мүләйим, тәлим бериўге қәбилетли ҳәм сабырлы болыўы тийис.
25
Және ол өзине қарсы болғанларға әлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Қудай сол адамлардың да тәўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар.
26
Солай етип, олардың ақылы киреди ҳәм қәлегенин ислетиў ушын өзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4