bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Timothy 3
2 Timothy 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
1
Мынаны билип қой: дүньяның ақырғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди.
2
Адамлар өзин жақсы көретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Қудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз,
3
мийримсиз, кекшил, жалахор, өзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны,
4
сатқын, қызба ҳәм шыррық болады. Олар Қудайдан гөре, кәйип-сапаны көбирек жақсы көреди.
5
Өзлерин Қудайдың жолы менен жүрген қылып көрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тән алмайды. Бундайлардан аўлақ бол.
6
Өйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳәм ҳәр түрли жаман ҳәўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди.
7
Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бәрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды.
8
Яннис ҳәм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳәм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар.
9
Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Яннис ҳәм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳәммеге әшкара болады.
10
Ал сен мениң тәлиматымды, өмир тәризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм турақлылығымды өрнек туттың.
11
Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳәм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳәммесинен қутқарды.
12
Ҳақыйқатында, Масийх Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады.
13
Бирақ, жаман ҳәм жалатай адамлар алдап ҳәм алданып, буннан да бетер жаман болып бара береди.
14
Ал сен өзиң үйренген ҳәм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Өйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең.
15
Және де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масийх Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады.
16
Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.
17
Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4