bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Acts 24
Acts 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 25 →
1
Арадан бес күн өткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы шешен бир нызам қәнийгеси менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады.
2
Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады: – Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти көре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта.
3
Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз.
4
Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сөзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
5
Бизлер бул адамды дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң көтерген иллеттей қәўипли бир адам деп таптық. Ол «Насыралылар» деп аталған топардың жетекшилериниң бири.
6
Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық. [
7
]
8
Сиз де оны тергегениңизде, бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин өзинен билип аласыз.
9
Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады.
10
Ҳәким Павелдиң сөйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди: – Сизиң көп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, өзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман.
11
Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен көп болмағанын өзиңиз билип алыўыңызға болады.
12
Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди көрмеди.
13
Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды.
14
Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Қудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен.
15
Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўине Қудайдан үмит етемен.
16
Сонлықтан да, мен Қудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
17
Миллетиме қайыр-садақа, Қудайға қурбанлықлар бериў ушын, көп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим.
18
Мен тазаланыў рәсиминен өтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада көрди. Сонда мениң қасымда көп адам да, шаўқым да болған жоқ.
19
Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек.
20
Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын.
21
Мен тек олардың алдында турғанымда: «Өлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим.
22
Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен: – Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды.
23
Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўды буйырды.
24
Бир қанша күннен соң, Феликс өзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масийх Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады.
25
Павел ҳақлық, өзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди.
26
Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң өзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди.
27
Бирақ арадан еки жыл өткенде, Феликстиң орнына Поркий Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28