bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Acts 3
Acts 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 4 →
1
Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди.
2
Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын көтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди.
3
Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды көрип, олардан садақа сорады.
4
Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған: – Бизлерге қара! – деди.
5
Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды.
6
Петр оған: – Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған өзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масийхтың аты менен буйыраман, жүр! – деп
7
оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди.
8
Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Қудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди.
9
Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Қудайды алғыслап атырғанын көрип,
10
оның Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик ететуғын адам екенин таныды. Жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты.
11
Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди.
12
Буны көрген Петр халыққа қарата былай деди: – Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер өз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар?
13
Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Қудайы Өз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Пилаттың алдында Оннан ўаз кештиңлер.
14
Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам өлтириўшиниң өзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер.
15
Сизлер Өмир Ийесин өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз.
16
Сизлер көрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ийсаға деген исеним ҳәммеңиздиң көз алдыңызда оған толық шыпа берди.
17
Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен.
18
Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масийхының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды.
19
Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масийхты, яғный Ийсаны жибереди.
21
Қудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң өз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек.
22
Өйткени Муўса былай деген еди: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сөзин тыңлаңлар.
23
Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Қудайдың халқы арасынан жоқ етиледи».
24
Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сөйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди.
25
Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Қудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Қудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады».
26
Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Қудай Өзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28