bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Acts 4
Acts 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 5 →
1
Петр менен Юхан халыққа сөйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер олардың жанына топарласып келди.
2
Өйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында өлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди.
3
Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңине дейин қамап қойды. Себеби күн кеш болып қалған еди.
4
Бирақ, елшилердиң сөзин еситкен адамлардың көбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди.
5
Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды.
6
Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди.
7
Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан: – Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады.
8
Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди: – Халық басшылары ҳәм ақсақаллар!
9
Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ,
10
онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Қудай өлимнен қайта тирилткен насыралы Ийса Масийхтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур.
11
Сол Ийса ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Сиз, қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды».
12
Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Қутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ.
13
Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын көргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди.
14
Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын көрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады.
15
Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан өз ара кеңесе баслап:
16
– Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәраматлы белги ислегенин биледи. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз.
17
Бирақ, бул хабардың халық арасында және де көбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сөйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести.
18
Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды.
19
Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Өзлериңиз ойлап көриң: Қудайдың сөзлеринен гөре, сизлердиң сөзлериңизге қулақ асыў Қудай алдында дурыс болар ма екен?
20
Бизлер көргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди.
21
Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Өйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Қудайға алғыслар айтып турған еди.
22
Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди.
23
Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың өзлерине айтқан сөзлериниң ҳәммесин хабарлады.
24
Олар буны еситкенде, бир аўыздан Қудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди: – О, Қүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң.
25
Өз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң: «Не ушын көтерилис қылады миллетлер? Неге бийҳуда жобалар дүзеди халықлар?
26
Жаратқан Ийеге ҳәм Ол тайынлаған Масийхқа қарсы, Сап тартып турады жер жүзиндеги патшалар, Жыйналып, тил бириктиреди ҳүкимдарлар».
27
Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды.
28
Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи.
29
Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сөзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Өз қулларыңа күш-қуўат бере гөр!
30
Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди көрсете гөр!
31
Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Қудайдың сөзин мәртлик пенен айта баслады.
32
Исениўшилер жыйынындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да өз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
33
Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Қудайдың уллы мийримине ийе еди.
34
Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Өйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип,
35
елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди.
36
Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрли бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди.
37
Ол өзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28