bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Daniel 10
Daniel 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 11 →
1
Персия патшасы Кирдиң патшалығының үшинши жылында, Белтешассар деп аталған Даниелге бир аян келди. Келешекте жүз беретуғын күшли саўашқа байланыслы болған бул хабар ҳақыйқат. Даниел бул хабарды аян арқалы түсинди.
2
Сол күнлери мен, Даниел үш ҳәпте аза тутып жүрдим.
3
Үш ҳәпте даўамында ҳеш қандай тойымлы аўқат жемедим, гөш пенен шарапты аўзыма да алмадым ҳәм май сүртпедим.
4
Биринши айдың жигирма төртинши күни мен уллы дәрьяның, яғный Тигр дәрьясының бойында турған едим.
5
Сонда мен үстинде зығырдан тоқылған ақ кийими, белинде таза алтыннан исленген белбеўи бар биреўди көрдим.
6
Оның денеси сары яқыт сыяқлы жарқырап, жүзи шақмақ жалынындай, көзлери шомдай болып жанып турған еди. Оның аяқ-қоллары жылтыр қоладай жылтырап, даўысы аламан халықтың даўысындай жаңғырып туратуғын еди.
7
Аянды жалғыз мен көрдим. Жанымдағылар аянды көрмесе де, олардың зәррелери ушқаны соншелли, олар қашып, жасырынып алды.
8
Сонда мен бир өзим қалдым. Сол уллы аянды көрип атырғанымда, ҳәлсизленип, жүзим қуўарып, диңкем де қалмаған еди.
9
Сонда периштениң даўысын еситтим. Даўысты еситкенимде есимнен аўып, ет бетимнен жерге жығылдым.
10
Сонда бир қол маған тийип, мени көтерип, қол ҳәм дизелериме турғызып қойды.
11
Сол периште маған: – Ҳәй, Даниел, сен Қудайдың сүйикли бендесисең. Қәне, тур! Саған айтатуғын сөзлериме жақсылап қулақ сал, өйткени ҳәзир мен сениң алдыңа жиберилгенмен. Ол маған усы сөзлерди айтып атырғанда, мен қалтырап орнымнан турдым.
12
Ол сөзин даўам етип, былай деди: – Қорқпа, Даниел! Сен бул хабар ҳаққында түсиник алыўды нийет етип, Қудайыңның алдында өзиңди кишипейил тутқан күниңнен-ақ сениң дуўаң қабыл етилди. Дуўаларыңа жуўап бериў ушын алдыңа келдим.
13
Бирақ Персия патшалығының ҳүкимдары жигирма бир күн даўамында маған қарсы турды. Мен Персия патшаларының ишинде жалғыз қалғанымда, бас периштелердиң бири Михаил маған жәрдемге келди.
14
Мен саған келешекте халқыңның басына түсетуғын нәрселерди түсиндириў ушын келдим. Бул аян сол күнлер ҳаққында.
15
Ол усы сөзлерди айтып атырғанда, мен басымды ийип, үнсиз турған едим.
16
Соннан соң адам баласына уқсаған биреў еринлериме қолын тийгизди. Сонда мен де аўзымды ашып, алдымда турғанға былай дедим: – Мырзам, бул аян мени қатты қыйнап жиберди, диңкем қурыды.
17
Мендей бир қулың қалайынша мырзам менен сөйлесе алады? Ҳалым қалмаған, демим тығылып, зорға дем алып атырман.
18
Сонда адам улына уқсаған сол биреў және бир мәрте қолын тийгизип, маған күш бағышлап,
19
былай деди: – Ҳәй, Қудайдың сүйикли бендеси, қорқпа! Саған тынышлық болсын! Күшли бол, аўа, күшли бол! Ол маған сөйлеп атырғанда, маған күш-қуўат енип: – Мырзам, сиз маған күш-қуўат бердиңиз, енди айта бериң, – дедим.
20
Ол маған: – Сениң алдыңа не ушын келгенимди билесең бе? Енди мен Персия патшалығының ҳүкимдары менен урысыўға қайтып бараман. Бирақ мен кеткеннен кейин, Грек патшалығының ҳүкимдары келеди.
21
Бирақ дәслеп Ҳақыйқат китабында не жазылғанын саған айтып беремен. Оларға қарсы гүресте маған сизлердиң ҳүкимдарыңыз Михаил периштеден басқа ҳеш ким жәрдем бермейди, – деди.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12