bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Daniel 11
Daniel 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 12 →
1
– Мидиялы Дарийдиң ҳүкимдарлығының биринши жылында, мен оған жәрдем берип, қорғаў ушын оның қасында турған едим.
2
– Енди мен саған ҳақыйқатты айтаман. Персия патшалығында және үш патша ҳүкимдарлық қылады. Бирақ төртинши патша басқаларына қарағанда байлығы айтарлықтай көп болып, байлығы арқалы күш арттырады ҳәм ҳәммени Грек патшалығына қарсы қозғайды.
3
Кейин тахтқа күшли бир патша отырады, ол уллы ҳүкимдарлық пенен басқарып, қәлеген исин қылады.
4
Деген менен, ол күш-қүдиретке толып тасқанда, патшалығы ыдырап, төртке бөлинип кетеди. Тахт оның зүрядына берилмейди ҳәм патшалықтың алдынғы күш-қүдирети оларда болмайды. Себеби оның патшалығы түп-тамыры менен жулып тасланып, оның зүрядынан болмаған басқа биреўлерге бериледи.
5
Сол арада қубла патшасы күшейип кетеди, бирақ патшаның сәркәрдарларынан бири күшейип, патшаның салтанатынан гөре үлкенирек бир патшалыққа ҳүкимдарлық қылады.
6
Бир неше жыл өткеннен соң, қубла патшасы арқа патшасы менен тынышлық келисимин дүзеди. Усы келисимди беккемлеў ушын, қубла патшасының қызы арқа патшасына барады. Деген менен, қубла патшасының қызы өз күшин жойтады ҳәм күшин сақлай алмайды. Қыз, оның менен бирге келген нөкерлери, баласы ҳәм оны қоллап қуўатлаған қолға тапсырылады.
7
Бирақ қубла патшалығының тахтына қыздың ағайинлеринен бири отырады. Ол арқа патшалығының ләшкерлерине ҳүжим қылып, қорғанларын қолға алады ҳәм олардың үстинен жеңиске ериседи.
8
Олардың мүсин қудайларын, қуйма бутларын, гүмис ҳәм алтыннан исленген қымбатбаҳа ыдысларын олжа қылып, Мысырға алып кетеди. Кейин бир неше жыл даўамында арқа патшасының тынышын бузбайды.
9
Соңынан арқа патшасы қубла патшасына бастырып барады, бирақ артқа шегиниўге мәжбүр болып, өз елине қайтып кетеди.
10
Кейин арқа патшалығының балалары урысқа таярланып, жүдә көп ләшкер жыйнайды. Ләшкерлер топан суўдай ағып, қубла патшалығының қорғанына ҳүжим қылады.
11
Ғәзепке минген қубла патшасы арқа патшасы менен саўашқа түседи. Арқа патшасының сансыз ләшкерлери душпан қолына тәслим қылынады.
12
Сансыз ләшкердиң үстинен жеңиске ерискен қубла патшасы тәкаббирленип кетеди ҳәм мың-мыңлаған әскерди өлтирсе де, оның жеңиси узаққа созылмайды.
13
Себеби бир неше жылдан кейин арқа патшасы алдынғысынан да көп ҳәм жақсы қуралланған ләшкерлери менен қубла патшалығына және бастырып барады.
14
Сол ўақытта көп адамлар қубла патшасына қарсы бас көтереди. Аян әмелге ассын, деп халқыңның арасындағы базы қозғалаңшылар да бас көтереди, бирақ табысқа ерисе алмайды.
15
Сонда арқа патшасы келип, қорған қаланы қамал қылады, ишине кириў ушын дийўалға топырақ үйип, оны қолға алады. Қубла патшалығының ләшкерлери арқа патшалығының күшине қарсы тура алмайды, ҳәттеки, қубла патшалығының сайланды ләшкерлери де жаўдың ләшкерлериниң күшли ҳүжимин қайтара алмайды.
16
Арқа патшасы қәлегенин ислейди, ҳеш бир адам оған қарсылық қылыўға жүрексинбейди. Ол гөззал Израил үлкесин қолға киргизип, оны ўайран етиў мүмкиншилигине ийе болады.
17
Алдын арқа патшасы өз патшалығының бар күши менен қубла патшалығын басып алмақшы болады. Ол қубла патшалығын жер менен жексен қылыў мақсетинде оның патшасы менен келисим дүзип, оған қызын узатады. Бирақ арқа патшасының бул жобалары пуш болып, табысқа ерисе алмайды.
18
Соннан соң арқа патшасы бурылып, теңиз бойындағы қалаларға ҳүжим қылып, көбисин қолға алады. Деген менен, бир сәркәрда бул тәкаббир патшаны тоқтатып, оның қылмысларына жараса жазасын береди.
19
Сонда арқа патшасы шегинип, өз елиндеги қорғанларға қайтады ҳәм жолда жеңилиске ушырап, изсиз жоқ болады.
20
Оның орнына арқа тахтына басқа бир патша отырады. Ғәзийнесин толтырмақшы болған бул патша салықшысын жиберип, адамларға көп салық салады. Бирақ қысқа ўақыт ишинде ол өледи. Оның өлими саўаштың ямаса биреўдиң қастыяншылығы нәтийжесинде жүз бермейди.
21
Оның орнына тахтқа отырған патша оңбаған бир адам болады. Патша зүрядынан болмаған бул адам күтилмегенде ҳийлекерлик пенен арқа патшалығының тахтына отырып алады.
22
Ол өзине қарсылық көрсеткен жүдә күшли әскерий орданы жоқ қылады. Ҳәттеки, келисим дүзген ҳүкимдарды да усы аўҳалға салады.
23
Ол басқа халықлар менен келисим дүзип, ҳийлекерлик пенен ис тутады. Оған ергенлердиң саны аз болыўына қарамастан, оның күши барған сайын артып барады.
24
Ол бай ўәлаятларға күтилмегенде бастырып барып, ата-бабалары ҳеш қашан қылмаған ислерге қол урады. Қолға киргизген олжа ҳәм мал-мүликлерди өзиниң изине ергенлерге бөлистирип береди. Қорғанларды қолға алыў жобаларын дүзеди, бирақ бул жағдай узаққа созылмайды.
25
Ол күш-қүдиретин жыйнап, қубла патшасына үлкен бир ләшкер тартып барады. Қубла патшасы да оғада қүдиретли ҳәм күшли ләшкерлери менен урысқа шығады. Бирақ оған қарсы дүзилген ҳийлекерлик себепли артық қарсы тура алмайды.
26
Қубла патшасының өз табақласлары оған сатқынлық қылады. Оның ордасы жеңилиске ушырап, көбиси қырылып қалады.
27
Сол еки патшаның жүрегинде жаман нийет болады. Олар бир дастурханда отырып, бир-бирине өтирик сөйлейди. Бирақ буннан нәтийже шықпайды. Себеби белгиленген ўақыт еле келмеген еди.
28
Арқа патшасы көп байлық пенен өз елине қайтып кетеди. Бирақ оның жүреги мухаддес келисимге қарсы болады. Жолда ол нийетин әмелге асырып, кейин өз елине қайтады.
29
Белгиленген ўақытта арқа патшасы қубла патшалыққа және жүрис қылады, бирақ бул рет алдынғыдай болмайды.
30
Батыстан келген кемелери оған қарсылық көрсетеди, руўхы түскен патша артқа шегинеди. Бирақ қайтып келгенде, ол ашыўын мухаддес келисим дүзген халықтан алады, мухаддес келисимнен бас тартқанларға болса жақсылық қылады.
31
Оның ләшкерлери Мухаддес мәканның қорғанына бастырып кирип, Мухаддес орынды ҳарамлайды. Күнделикли қурбанлықларды тоқтатып, ўайран қылатуғын жеркенишли бир затты орнатады.
32
Сол патша ҳийле менен келисимнен бас тартқанлардың кеўлин таўып, оларды өз тәрепине аўдырып алады. Ал Қудайға садық қалғанлар болса, бар күши менен оған қарсылық көрсетеди.
33
Халықтың арасындағы дана жолбасшылар адамларға ақыллы нәсиятлар береди. Деген менен, бир қанша ўақытқа дейин олардың базылары қылыштан өледи, отта жандырылады, базылары зинданға тасланады, талан-тараж болады.
34
Қуўғын ўақтында олар азғантай жәрдем алады. Көплер жағымпазлық пенен оларға қосылады.
35
Қуўғын ўақтында бир неше дана адамлар азап шегеди. Усы арқалы ақырғы ўақытқа дейин олар усылайынша пәкленип, тазаланады. Себеби белгиленген ўақыт еле келмеген.
36
Арқа патшасы кеўли қәлеген исти қылады. Ол өзин көкке көтерип, қудайлардан жоқары қояды. Қудайлардың Қудайына қарсы сөйлеп, тил тийгизеди. Қудайдың белгилеп қойған ғәзеп ўақты таўысылғанға дейин, ол табыслы болады. Деген менен, Қудай өз жобасын сөзсиз әмелге асырады.
37
Ол ата-бабалары сыйынған қудайларды ҳәм ҳаяллар жақсы көрген қудайды менсинбейди. Ол өзин олардың ҳәммесинен жоқары қойып, бирде бир қудайды өз нәзерине илмейди.
38
Булардың орнына қорғанларды қорғаўшы, деп аталған қудайды уллылайды. Ата-бабалары табынбаған бул қудайға алтын, гүмис, қымбат баҳалы таслар ҳәм қымбат сыйларды садақа қылып, ҳүрмет көрсетеди.
39
Ол жат қудайдың жәрдеми менен қорғанларын қорғайды. Оны ҳақыйқый ҳүкимдар деп тән алғанларға ҳүрмет-иззет көрсетип, оларды көп адамлардың үстинен басшы етип қояды ҳәм оларға жерлерди саўға сыпатында бөлип береди.
40
Заманның ақырында қубла патшасы оған ҳүжим қылады. Бирақ арқа патшасы саўаш арбалары, атлылары ҳәм көп кемелери менен оған қуйындай бастырып барып, жерлерди суў тасқыны сыяқлы жайпап өтеди.
41
Ол гөззал Израил үлкесин де қолға алып, көплеген еллердиң басына жетеди. Деген менен, эдом, моаб ҳәм аммон халқының басшылары оның қолынан қашып қутылады.
42
Ол басқа еллерге де қол салады, Мысыр да оннан қашып қутыла алмайды.
43
Ол Мысырдың алтын, гүмис қазналарына ҳәм барлық байлықларына ийелик қылады. Ливиялылар менен хабашстанлылар да оған бағынышлы болады.
44
Деген менен, шығыс ҳәм арқа тәрептен келген хабарлар оны таң қалдырады. Бул хабардан ғәзепленген патша жолға атланып, көп адамларды қырып таслайды.
45
Кейин теңиз ҳәм гөззал мухаддес таў арасындағы жерлерге барып, сол жерге патшалық шатырларын тигеди. Бирақ ол сол жерде өледи, оған жәрдем беретуғын ҳеш ким болмайды.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12