bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Daniel 12
Daniel 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
1
– Сол ўақытта халқыңды қорғаўшы уллы ҳүкимдар, Михаил периште пайда болады. Өйткени миллетлер пайда болғаннан баслап улыўма жүз бермеген қорқынышлы азап дәўири басланады. Сонда сениң халқыңның арасынан Қудайдың китабына аты жазылған ҳәр бир адам қутқарылады.
2
Өлип, топыраққа көмилгенлердиң көпшилиги оянады: кимиси мәңгилик өмирге ийе болады, кимиси шерменделикке ҳәм мәңги уятқа дуўшар болады.
3
Даналар ашық аспан сыяқлы жайнайды, адамларды әдил жолға жетелегенлер болса, жулдызлар яңлы удайына мәңги-бақый жарқырайды.
4
Ал сен, Даниел, китапты мөрле де, бул сөзлерди ақырзаманға дейин сыр сақла. Көп адамлар өзлерин ана жақтан мына жаққа урып, билимин асырады.
5
Сонда мен, Даниел дәрьяның бойында пайда болған және басқа екеўин көрдим: биреўи дәрьяның берги жағасында, екиншиси арғы жағасында турған еди.
6
Олардың бири ағыстың жоқарғы жағында турған зығыр кийимли периштеден: – Қашанға дейин бул таң қаларлық ўақыя даўам етеди? – деп сорады.
7
Суўдың жоқарғы жағында турған зығыр кийимли периштениң еки қолын аспанға созып, мәңги жасаўшы Қудай ҳақы ант ишкенин ҳәм мынадай сөзлер айтқанын еситтим: – Бул таң қаларлық ўақыялар бир мүддет, еки мүддет ҳәм ярым мүддет даўам етеди. Мухаддес халықтың күш-қүдирети толық жоқ болғанда, булардың ҳәммеси тамам болады.
8
Сол адамның айтқан сөзлерин еситтим, бирақ түсинбедим ҳәм оннан: – Мырзам, буның ақыбети не болады? – деп сорадым.
9
Ол былай деп жуўап берди: – Енди кете бер, Даниел. Бул сөзлер жабылып, ақырзаманға дейин мөрлеп қойылған.
10
Көплер пәкленеди ҳәм ағарып, тазаланады. Бирақ напәк напәклигин даўам етеди. Напәклердиң биреўи де буны түсинбейди, даналар болса булардың барлығын түсинип алады.
11
Күнделикли қурбанлықлар тоқтатылып, ўайран қылатуғын жеркенишли зат орнатылғаннан баслап 1290 күн өтеди.
12
Ақырына дейин, яғный 1335 күн өткенше күтип, шыдағанлар қандай бахытлы!
13
Сен, Даниел, өмир жолыңды даўам етип, бул дүньядан көз жумасаң. Бирақ ақырзаманда тирилип, сыйыңды аласаң.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12