bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ecclesiastes 10
Ecclesiastes 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 11 →
1
Әтир майға түсип өлген шыбынлар әтир майды бузады, Сол сыяқлы, ҳүрметли адамның аз ғана ақылсызлығы, Оның даналығы менен абырайына зыян келтиреди.
2
Дананың жүреги дурыс жолға, Ақылсыздың жүреги терис жолға талпынады.
3
Ақылсыз қандай жолдан жүрмесин, Оған бәри бир ақыл жетиспейди. Ол өзиниң ақылсызлығын ҳәммеге көрсетеди.
4
Егер ҳүкимдарыңның ғәзеби саған қарай лаўласа, Орныңнан турып, кетип қалма. Кишипейиллик үлкен қапашылықларды да бастыра алады.
5
Қуяш астында және бир жаўызлықты көрдим. Ол ҳүкимдар ислеген қәтелик еди:
6
Ақылсызлар жоқары лаўазымларға отырып, Ҳүрметли адамлар төменде отырады.
7
Мен және атқа минген қулларды, Қулдай болып, жаяў жүрген басшыларды көрдим.
8
Шуқыр қазғанның өзи сол шуқырға түседи, Дийўалды бузғанды жылан шағады.
9
Тас қашаған адамды таслар жарақатлайды, Ағаш жарғанды ағаш жарақатлаўы мүмкин.
10
Топыр балтаны қайрамаса, Көп күш сарп етиледи. Бирақ табысқа ерисиў ушын, даналықтың пайдасы көп.
11
Егер жылан сыйқырланбастан бурын шағып алса, Онда жылан сыйқырлаўшының не кереги бар?
12
Дананың аўзынан жағымлы сөзлер шығады, Ал ақылсыз өз сөзи менен өзин набыт қылады.
13
Оның сөзиниң басы – ақылсызлық, Ақыры – ақмақлық.
14
Ақылсыз көп сөйлейди, Бирақ адам келешекте не болатуғынын билмейди. Адам өлгеннен кейин не болатуғынын ким айта алады?
15
Ақылсыздың жумысы өзин шаршатады, Ол қалаға баратуғын жолды да билмейди.
16
Ҳәй, патшасы жас болып, Ҳәмелдарлары азаннан баслап зыяпат қуратуғын ел, ҳәсирет шегесең!
17
Ал патшасы ҳасыл туқымнан шыққан, Ҳәмелдарлары тек мәслик етиў ушын емес, Ал күш топлаў ушын керек ўақтында зыяпат беретуғын ел бахытлы!
18
Ериншекликтен тамның төбеси ойылар, Жалқаўлықтан төбеден суў өтер.
19
Зыяпат адамның кеўлин көтерер, Шарап өмирге қуўаныш алып келер, Бирақ ҳәммеси ақша менен питер.
20
Патшаны, ҳәтте, ишиңнен болса да, жаманлама, Ҳүрметли адамды төсекте жатып та, ғарғама. Себеби аспандағы қуслар хабар тасыр, Қанатлы барлықлар сөзиңди жеткизер.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12