bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ecclesiastes 12
Ecclesiastes 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
1
Қайғылы күнлер, яғный ақырғы күнлер келип: «Мен олардан ҳеш рәҳәт таппадым», – деп айтпасыңнан алдын, Жаслық шағыңда Жаратыўшыңды еске ал!
2
Қуяш, жарықлық, ай ҳәм жулдызлар гүңгиртленип, Жаўын изинен және қара бултлар қапламастан алдын, Оны еске ал!
3
Сол күн келгенде, Үйди қорғайтуғынлар қалтырайды, Күшлилер ийиледи, Дигирман тартыўшылар аз қалғанлықтан, исин тоқтатады, Терезеден сыртқа қарайтуғынларды гүңгирт тартады.
4
Көшеге қараған қапылар жабылады, Дигирманның сестин еситпейтуғын болады. Қус сестинен оянады, Бирақ сайрағанын зорға еситеди.
5
Бәлентликтен қорқатуғын болып қалады, Көшеге шығыўға жүрексинбейди, Бадам ағашы ақ түске енеди, Шегиртке сүйретилип қалады, Ҳеш бир мийўе қуштарлық оятыўға жәрдем бермейди. Адам өзиниң мәңгилик үйине кирежақ, Көше жоқлаў айтып жылағанларға толып кетеди.
6
Сонлықтан гүмис шынжыр үзилип, Алтын кесе сынбастан, Булақ басындағы гүзе қыйрап, Қудық үстиндеги суў тартқыш үзилместен,
7
Топырақтан исленген денең жерге қайтпастан, Қудай берген руўхың да Қудайға қайтпастан бурын, Өзиңди Жаратқанды еске ал!
8
Бийҳуда, бийҳуда! – дейди Ўазшы, – Ҳәммеси бийҳуда!
9
Ўазшы дана адам болып ғана қоймай, билгенлерин халыққа да үйретти. Ол көплеген нақыл-мақалларды ой елегинен өткизип, изертледи ҳәм қайта ислеп, орны-орнына қойды.
10
Ўазшы терең мәнили сөзлерди изледи, ол ҳақыйқат сөзлерин дурыс жазды.
11
Даналардың сөзлери шопанның ушлы таяғына, жыйналған нақыл сөзлер беккем қағылған шегеге уқсайды. Бул сөзлер бир Шопан тәрепинен берилген.
12
Булардан тысқары, балам, мыналарды билип қой: көп китап жазыўдың шеги жоқ, көп китап оқыў денени шаршатады.
13
Ҳәмме нәрсе айтылды, енди жуўмақты тыңлайық: Қудайдан қорқ, Оның буйрықларын орынла! Бул ҳәр бир адамның парызы.
14
Қудай ҳәр бир исти, Жасырын исленген жақсы-жаман ислердиң ҳәммесин ҳүким қылады.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12