bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ecclesiastes 6
Ecclesiastes 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 7 →
1
Мен қуяш астында адамлар арасында болып туратуғын, аўыр бир апатты көрдим:
2
Қудай адамға байлық, мал-мүлик, атақ-абырай береди. Ол кеўли күсегениниң ҳәммесине ийе болады. Бирақ Қудай оған соның қызығын көриўге имканият бермейди ҳәм булардың барлығы басқаға буйырады. Бул да бийҳуда, бул – қайғылы бир дәрт.
3
Егер бир адамның жүз баласы болса ҳәм ол узақ өмир сүрсе, бирақ ол өмирдиң рәҳәтин көрмесе ҳәм өлигин көмгендей адам болмаса, онда мен өли туўылған бала оннан бахытлырақ дер едим.
4
Өли туўылған бала бийкарға дүньяға келип, қараңғылық ишинде дүньядан өтеди, аты да қараңғылыққа көмиледи.
5
Ол, ҳәтте, қуяшты көрген де, билген де жоқ. Бирақ өли туўылған баланың жағдайы сол адамның жағдайынан жақсырақ.
6
Сол адам, ҳәтте, мың жылдан еки рет өмир сүрсе де, рәҳәт көрмейди. Бәри бир ҳәмме де бир жерге бармай ма?
7
Адамның барлық мийнети қарынды тойдырыў ушын, Бирақ ашкөзликтен кеўил тоймайды.
8
Дананың ақылсыздан қандай артықмашлығы бар? Жарлыға өмирде өзин қалай тутыўды билгенинен не пайда?
9
Өзиңде жоқты күсегеннен, барға қанаат еткен жақсырақ. Ол да бийҳуда, ол да самалдың изинен қуўғандай нәрсе.
10
Бар нәрсениң ҳәммесине әлле қашан ат қойылған. Адамның да тәғдири белгили. Ҳеш ким өзинен күшли болған менен қасарыса алмайды.
11
Сөз көп болса, бийҳудалық көбейер. Буннан адамға не пайда?
12
Сая сыяқлы өтип кететуғын өмириниң мәниссиз күнлеринде адам ушын нениң жақсы екенин ким биледи? Өзинен кейин қуяш астында не болатуғынын адамға ким айта алады?
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12