bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Galatians 1
Galatians 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 2 →
1
Адамлар тәрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масийх ҳәм Оны өлимнен тирилткен Әкемиз Қудай тәрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳәм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге сәлем!
3
Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4
Әкемиз Қудайдың ерки бойынша, Ийса Масийх бизлерди ҳәзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти.
5
Қудайымызға мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.
6
Сизлерди Масийхтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман.
7
Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масийхтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.
8
Бирақ егер де бизлер өзлеримиз келип, ямаса аспаннан бир периште келип, өзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!
9
Бурын айтқанымызды және қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!
10
Енди мен адамлардың мақтаўын қәлеп атырман ба ямаса Қудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масийхтың хызметшиси бола алмас едим.
11
Туўысқанларым, мен жәриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қәлеймен.
12
Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳәм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масийхтың Өзи аян арқалы билдирди.
13
Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай өмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Қудайдың жәмәәтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим.
14
Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим.
15
Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Өз мийрими менен шақырған Қудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жәриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мәсләҳәтлесип отырмадым.
17
Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дәрҳал Арабстанға кетип, кейин және Дамаскке қайтып келдим.
18
Үш жылдан кейин Кифа менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым.
19
Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин көрмедим, тек Ийемиздиң иниси Яқыпты ғана көрдим.
20
Сизлерге жазып атырғанларымның өтирик емес екенлигин Қудайдың алдында билдирип атырман.
21
Буннан соң, мен Сирия ҳәм Киликия үлкелерине кеттим.
22
Ал Яҳудиядағы Масийхқа тийисли жәмәәтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди.
23
Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын өзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди өзи жәриялап жүр», – дегенди еситип,
24
мен ушын Қудайды алғыслаған еди.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6