bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Galatians 2
Galatians 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 3 →
1
Арадан он төрт жыл өткеннен соң, Барнаба менен бирге және Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым.
2
Ол жерге Қудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жәмәәт жетекшилери менен жеке сөйлесип, басқа миллетлер арасында өзим жәриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳәм ҳәзир ислеп атырған ис-ҳәрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим.
3
Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мәжбүрлемеди.
4
Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масийх берген азатлықты көре алмай, бизлерди Нызамдағы қағыйдаларға қул қылмақшы еди.
5
Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бәрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тәслим болмадық.
6
Ерусалим жәмәәтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бәри бир: Қудай адамларды айырмайды. Олар мениң жәриялаў исиме қосымша ҳеш нәрсе жүклемеди.
7
Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жәриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жәриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди.
8
Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Қудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады.
9
Исениўшилер жәмәәтиниң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳәм Юхан Қудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳәм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал өзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул көрди.
10
Тек еле де жарлыларға жәрдем бериўди естен шығармаўымызды өтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим.
11
Кифа Антиохияға келгенде, оның қәтесин бетине айтып әшкара еттим.
12
Өйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен өзин шетке алды ҳәм олар менен байланысты үзди.
13
Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳәтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди.
14
Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын көргенимде, ҳәммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мәжбүрлейсең?
15
Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз.
16
Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масийхқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масийхқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масийхқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды».
17
Егер Масийх арқалы ақланыўды излеп, өзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масийх бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан!
18
Егер мен өзим кешкен нәрсени қайтадан қабыл қылсам, онда мен өзимниң нызам бузыўшы екенимди дәлиллеген боламан.
19
Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен.
20
Мен Масийх пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масийх жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
21
Мен Қудайдың мийримин қәдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масийх бийкарға өлген болар еди.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6