bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Galatians 6
Galatians 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
1
Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мәлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүләйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар.
2
Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды көтериңлер. Сонда Масийхтың Нызамын орынлайсызлар.
3
Егер ким де ким ҳеш нәрсе болмаса да, өзин әҳмийетли адам деп есапласа, өз-өзин алдаған болады.
4
Ҳәр бир адам өз ис-ҳәрекетин тексерип көрсин. Сонда өзин басқалар менен салыстырмай, өз табыслары менен мақтана алады.
5
Себеби ҳәр бир адам өз аўырманлығын өзи көтериўи тийис.
6
Қудайдың сөзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нәрселерди бөлиссин.
7
Өз-өзиңизди алдамаңлар, Қудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады.
8
Өзиниң гүнакар тәбиятына бойсыныўшы сол тәбиятқа тән өлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тән мәңгилик өмирди алады.
9
Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳәлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз.
10
Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳәмме адамға, әсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик.
11
Қараңлар, өз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳәриплер менен жазып атырман!
12
Сыртқы көриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масийхтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мәжбүрлемекте.
13
Бирақ, сүннет етилгенлердиң өзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қәлеп атыр.
14
Ал мен Ийемиз Ийса Масийхтың атанақ ағашынан басқа бир нәрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын өлген, мен де дүнья ушын өлгенмен.
15
Сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай әҳмийети жоқ, әҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў.
16
Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳәммесине, яғный Қудайдың халқына тынышлық ҳәм мийрим-шәпәәт яр болсын!
17
Ендигиден былай, ҳеш ким маған жәбир бермесин. Өйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар.
18
Туўысқанлар, Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
All chapters:
1
2
3
4
5
6