bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jonah 2
Jonah 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 3 →
1
Сол ўақытта Жаратқан Ийе Юнусты жутыўы ушын үлкен бир балықты жиберди. Юнус үш күн, үш түн усы балықтың ишинде болды.
2
Юнус балықтың ишинде өзиниң Қудайы Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти:
3
«Аўыр жағдайға түскенимде, Сени шақырдым Жаратқан Ийе! Жуўап бердиң Сен маған. Өлилер мәканының түпкиринен, Жәрдем сорап бақырдым, Еситтиң Сен даўысымды мениң.
4
Тереңликке, теңиз түбине ылақтырдың мени, Қоршады суў ағыслары әтирапымды. Пүткил суўларың да, қутырған толқынларың да, Басып өтти үстимнен мениң.
5
Сонда мен былай дедим: „Қуўылғанман Сениң алдыңнан, Бирақ көремен және мухаддес Ибадатханаңды“.
6
Суўлар мени туншықтырды, Қоршап алды түпсизлик те, Басыма шырмалды теңиз шөплери.
7
Түстим таўлар түбине, Қамалдым қапылары мәңгиге илинген жерге. Бирақ Сен, Қудайым, Жаратқан Ийе, Шуқырдан қутқардың жанымды мениң.
8
Жаным алқымыма тақалғанда, Еске алдым Жаратқан Ийени, Мениң дуўам Саған, Жетип барды мухаддес Ибадатханаңа.
9
Жарамсыз бутларға табыныўшылар, Опасызлық еткен болар.
10
Бирақ алғыс-мақтаў айтып мен, Саған қурбанлық шаламан. Өзимниң берген ўәдемди орынлайман, Қутқарылыў келеди Жаратқан Ийеден!»
11
Жаратқан Ийе балыққа буйрық берди ҳәм ол Юнусты қурғақлыққа қусып шығарып жиберди.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4