bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jonah 3
Jonah 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
1
Жаратқан Ийеден Юнусқа екинши мәрте мынадай сөз түсти:
2
Қәнекей, уллы Ниневия қаласына бар да, саған айтатуғынларымды халыққа жәрияла.
3
Юнус Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Ниневияға кетти. Ниневия сондай үлкен қала болып, оны басып өтиў ушын үш күнлик жол жүриў керек еди.
4
Солай етип, Юнус қалаға кирип, бир күнлик жолды басып өткеннен соң: «Қырық күннен кейин Ниневия қыйратылады», – деп жар салды.
5
Сонда Ниневия халқы Қудайға исенди ҳәм олар ораза тутыўды жәриялап, уллысынан кишисине дейин аза кийимин кийди.
6
Бул хабар Ниневия патшасына жетип барғанда, ол тахтынан түсип, үстиндеги патшалық кийимлерин шешти ҳәм аза кийимин кийип, күлге отырды.
7
Соңынан ол Ниневияда өзиниң ҳәм ақсүйеклериниң атынан мына буйрықты жәриялатты: «Ҳеш бир адам да, ҳайўан да, ири мал да, майда мал да ҳеш нәрсе жемесин, жайлаўға бармасын ҳәм суў ишпесин.
8
Адамлар да, ҳайўанлар да аза кийиминде болсын. Ҳәр бир адам Қудайға бар күши менен жалбарынып, өзлериниң жаман жолларынан ҳәм жаўызлық ислеўден ўаз кешсин.
9
Ким биледи, мүмкин, сонда Қудай пикирин өзгертер, лаўлаған ғәзебинен қайтар ҳәм бизлер набыт болмаспыз».
10
Сонда Қудай ниневиялылардың қылған ислерин ҳәм олардың жаман жолдан қайтқанын көрди. Сонлықтан оларға жаны ашып, жиберемен деген апатты жибермеди.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4