bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jonah 4
Jonah 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
1
Сонда Юнус буған қатты ренжип, ашыўланды.
2
Ол Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти: – О, Жаратқан Ийе! Усындай болатуғынын өз елимде болған ўақтымда-ақ айтпаған ба едим? Сонлықтан да мен Таршишке қашқан едим. Себеби Сениң мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги уллы ҳәм жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай екениңди билетуғын едим.
3
Енди өтинемен, Жаратқан Ийе, мениң жанымды ал. Себеби тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ.
4
Жаратқан Ийе оған: – Сениң ашыўланыўға ҳақың бар ма? – деди.
5
Юнус қаладан шығып, оның шығыс тәрепиндеги бир жерге барып отырды. Ол өзине шертек соғып алып, оның саясында отырды ҳәм қалаға не болатуғынын көриў ушын күте баслады.
6
Сонда Қудай Ийе Юнустың басына саясын түсирип, қайғысын жеңиллетсин деп, бир өсимлик өсирип шығарды. Юнус бул өсимликке қатты қуўанды.
7
Бирақ келеси күни таң атқанда, Қудай бир қуртты жиберди ҳәм ол өсимликти кемирип, қуўратып таслады.
8
Қуяш шыққанда, Қудай шығыстың қапырық самалын естирди. Қуяш Юнустың басын қатты қыздырғанлықтан, ол ҳәлсизлене баслады ҳәм өзине өлим тилеп: «Тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ», – деди.
9
Бирақ Қудай оған: – Өсимлик ушын ашыўланыўға ҳақың бар ма? – деди. Юнус: – Әлбетте, ҳәттеки, өлгенше ашыўланыўға ҳақым бар, – деди.
10
Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди: – Бул өсимлик бир түнде шығып, бир түнде жоқ болды. Сен мийнет етип, бул өсимликти өсирмеген болсаң да, оған жаның ашып атыр.
11
Ал Ниневияда болса, ақ пенен қараны айыра алмайтуғын бир жүз жигирма мыңнан аслам адам ҳәм көп санлы ҳайўанлар бар. Усы уллы қала ушын Мениң жаным қалай ашымасын?
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
All chapters:
1
2
3
4