bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Micah 2
Micah 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 3 →
1
Жынаят қылыўды ойлайтуғынлар, Ҳәттеки төсегинде жатқанда, Жаўызлық жобаластыратуғынлар, ҳәсирет шегесиз! Таң атқанда, олар дүзген жобасын жүзеге асырады. Себеби олардың соны ислеўге күши жетеди.
2
Кеўли күсеген атызларды ийелеп, Зорлық пенен үйлерди тартып алады. Олар шаңарақларды езип, мийрас жерлерин басып алып атыр.
3
Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен бул халыққа сондай бир апат таярлап атырман, Буннан ҳеш бириңиз қашып кете алмайсыз. Басыңызды көтерип, жүре алмайсыз, Себеби сондай апатшылық заман келеди.
4
Сол күн келгенде, сизлерди масқаралап, Сизлер ҳаққында мынадай қайғылы жыр айтылады: „Бизлер пүткиллей ўайран болдық! Жаратқан Ийе халқымыздың бары-жоғын басқаларға үлестирди, Жерлеримизди сатқынларға тарқатып берди“».
5
Соның ушын, Жаратқан Ийениң халқы қайтадан жерди бөлискенде, Ҳеш бириңиз шек бойынша үлес жер алмайсыз.
6
Олардың пайғамбарлары: «Булар ҳаққында пайғамбаршылық етпе, Ондай пайғамбаршылықты тоқтат, Бизлер болмаймыз шерменде», – дейди.
7
Ҳәй, Яқыптың нәсили, «Жаратқан Ийениң сабыры таўысылған ба екен? Ол усындай ислерди қылар ма еди?» – деп айтыўыңыз орынлы ма? Жаратқан Ийениң сөзлери туўры жүрген адамға, Жақсылық алып келмей ме?
8
Жаратқан Ийе былай дейди: «Жақында өз халқыңызға душпандай зулымлық қылдыңыз! Саўаштан қайтқан адамлардай қәўетерсиз жүргенлерди аңлып, Олардың ийниндеги шапанын тартып алдыңыз.
9
Халқымның ҳаялларын жағымлы үйлеринен шығарып жибердиңиз, Жас балалардың несийбесин мәңгиге қырқып тасладыңыз.
10
Қәнекей, турың, кетиң бул жерден! Артық аман-есенлик таба алмайсыз бул елден! Өйткени гүнаңыз себепли елиңиз толық ўайран болды».
11
Жалған сөйлейтуғын өтирикши келип: «Сизлерге шарап ҳәм өткир ишимлик мол болады, деп пайғамбаршылық қыламан», – десе, Ол бул халықтың пайғамбары саналады!
12
Жаратқан Ийе былай дейди: «Бирақ ҳәй, Яқып урпағы, Мен ҳәммеңизди сөзсиз жыйнайман, Қалған израиллыларды топлайман. Қорадағы қойлардай, жайлаўдағы сүриўдей етип, Жыйнайман сизлерди бир жерге. Сонда толып тасар елиңиз адамларға».
13
Қудай оларға жол ашады, Тутқынлықтан азат етеди. Қала дәрўазасынан шығып кетеди. Патшаңыз болған Жаратқан Ийе оларға жетекши болып, алдында жүреди.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7