bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Micah 6
Micah 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 7 →
1
Жаратқан Ийениң айтқан мына сөзине қулақ салың: «Қәне, турың! Шағымыңызды таўлар алдында айтың, Төбешиклер даўысыңызды еситсин».
2
Ҳәй, таўлар Жаратқан Ийениң айыплаўына қулақ салың! Ҳәй, жер жүзиниң беккем тийкарлары Оған қулақ түриң, Себеби Жаратқан Ийе Өз халқына қарсы даўын айтар, Израил халқы менен тартысар.
3
Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, халқым, Мен саған не қылдым? Қәне, жуўап бер, саған қандай аўырманлығым түсти?!
4
Мысырдан сени алып шыққан едим, Азат еткен едим қуллық мойынтырығынан. Саған жолбасшы болсын деп, Муўсаны, Харонды ҳәм Мәриямды жиберген едим.
5
Ҳәй, халқым, Моаб патшасы Балақтың сизлерге қарсы жаўыз нийетин, Беор улы Биламның оған қалай жуўап бергенин есле. Шиттимнен Гилгалға дейинги болған ўақыяларды есле, Сонда билип аласаң сени қандай етип қутқарғанымды».
6
Жаратқан Ийениң алдына не алып барайын? Жоқарыдағы Қудайға қалай сыйынайын? Оған арнап жандырылатуғын қурбанлық берейин бе? Бир жасар тананы усынайын ба?
7
Оған арнап мыңлап қошқарларды сойсам, Зәйтүн майын дәрья қылып ағызсам, Жаратқан Ийениң меннен кеўли толар ма екен? Айыбым ушын туңғыш улымды берейин бе? Гүнам ушын өз перзентимди қурбан етейин бе?
8
Ҳәй, адамзат, нениң жақсы екенин, Жаратқан Ийе билдирди саған, Оның сеннен талап қылатуғыны ибаратдур мынадан: Әдиллик қылып, сүйиспеншиликке садық бол, Мүләйим болып, Қудай менен бирге жүр.
9
Жаратқан Ийе қала халқына даўыслап былай дейди, Оған қулақ салыў – даналықдур: «Ҳәй, тыңлаң, халық ҳәм қала жәмийети!
10
Үйлерин ҳарам байлық пенен толтырып атырғанларға, Надурыс өлшемлерге қалай итибар бермейин.
11
Тәрезиден жегенине, Надурыс өлшем тас қолланғанына, Қалай шыдай аламан?
12
Зорлық қылады қаладағы байлар, Жалатайдур қала халқы да, Тиллеринен болса жалған сөзлер шығар.
13
Соның ушын, Мен сизлерди ураман, Гүналарыңыз ушын ўайран қыламан.
14
Сизлер жейсиз, бирақ тоймайсыз, Ҳәмме ўақытта аш қалады қарныңыз. Зат жыйнайсыз, оны сақлай алмайсыз, Жыйнап-тергениңизди қылыш пенен жоқ қыламан.
15
Егесиз, бирақ орып алмайсыз, Зәйтүн майын сығып аласыз, Бирақ майдан үстиңизге сүрте алмайсыз, Жүзим искенжеде жүзим сығасыз, Бирақ оның шарабынан ише алмайсыз.
16
Өйткени ердиңиз патша Омрийдиң үрп-әдетлерине, Патша Ахабтың әўладының жаўыз қылмысларына. Олардың мәсләҳәти менен жасадыңыз, Сонлықтан Мен сизлерди қорқынышлы көриниске айландыраман. Сизлерди көргенлердиң жаны түршигеди, Барлық халықлардың алдында насаққа қаласыз».
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7