bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Micah 5
Micah 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 6 →
1
Ҳәй, Ерусалим, әскерлериңди топла! Душпанлар бизди қамал қылды. Олар таяқ пенен Израил ҳүкимдарының бетине урды.
2
Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, Эфрата аймағындағы Бейтлеҳем, Яҳудадағы қалалардың кишкенеси болсаң да, Израилды Мениң атымнан басқаратуғын көсем сеннен шығады. Оның нәсили заманның басланыў дәўирине барып тақалады».
3
Соның ушын, ҳәмиледар ҳаял көз жарып, уллы болғанға дейин, Жаратқан Ийе Израил халқын душпанларға тәслим қылады. Кейин сол сүргиндеги қалған туўысқанлары қайтып, Израил халқына қайта қосылады.
4
Ол келип, Жаратқан Ийеден алған күши менен, Қудайы Жаратқан Ийениң атының уллылығы менен, Сүриўин бағады. Пүткил дүнья оның уллылығын тән алады.
5
Тынышлық орнатыўшы ол болады. Ассириялылар елимизге ҳүжим етип, Қорғанларымызды жарып өткенде, Оларға қарсы жети жетекши ҳәм сегиз басшы тайынлаймыз.
6
Олар Ассирия жерлерине қылыш пенен, Нимрод жерлерине қанжар менен ҳүкимдарлық етеди. Ассириялылар елимизге ҳүжим етип, шегарамызға кирип келсе, Бизлерди усы көсем қутқарады.
7
Көп халықлар арасында, Яқып халқының қалғанлары, Жаратқан Ийениң жиберген шығындай, Майса шөплердиң үстине жаўған жаўындай болады. Олар адамзатқа ғәрезли болмайды, Ҳеш кимнен жәрдем де күтпейди.
8
Көп миллетлер ишинде, көп халықлар арасында, Яқып халқының қалғанлары, Тоғай ҳайўанлары арасындағы арысландай, Қой сүриўи арасына кирип алған, Жыртқыш арысландай болады. Жүрген жолларында ҳәммеге күтилмегенде тасланады. Олардың қолынан ҳеш ким қутқара алмайды.
9
Ҳәй, Израил, душпанларыңды жеңесең, Барлық душпанларың қырылып кетеди.
10
«Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, – Атларыңызды қырып таслайман, Саўаш арбаларыңызды сындырып таслайман.
11
Ўайран қыламан елиңиздеги қалаларды, Жер менен жексен қыламан барлық қорғанларыңызды.
12
Сыйқыршылыққа шек қояман, Араңызда бирде бир палкер қалдырмайман.
13
Жоқ қыламан бут ҳәм кийели тасларыңызды, Артық табынбайсыз қолларыңыз бенен ислеген бутларыңызға,
14
Араңыздағы кийели ағашларды қопарып таслайман, Қалаларыңызды жер менен жексен қыламан.
15
Маған бойсынбаған миллетлерге, Өз қәҳәр ҳәм ғәзебимди төгип, өш аламан».
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7