bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Revelation 10
Revelation 10
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 11 →
1
Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени көрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди.
2
Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып,
3
арысланның ақырғанына уқсаған бәлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди.
4
Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим.
5
Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын өзим көрген сол периште оң қолын аспанға көтерди.
6
Ол аспанды ҳәм аспандағылардың ҳәммесин, жерди ҳәм жердегилердиң ҳәммесин, теңизди ҳәм теңиздегилердиң ҳәммесин жаратқан мәңги тири Қудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады.
7
Бирақ, жетинши периште кәрнайын шертетуғын күнлерде Қудайдың Өз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы әмелге асады», – деди.
8
Өзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен және сөйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳәм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди.
9
Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди.
10
Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты.
11
Соңынан маған былай делинди: «Сен және көп халықлар, миллетлер, тиллер ҳәм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22