bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Revelation 21
Revelation 21
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 22 →
1
Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди көрдим. Себеби бурынғы аспан ҳәм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди.
2
Және мен аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди көрдим. Ол өз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди.
3
Сонда тахттан шыққан бир бәлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайдың мәканы адамлар арасында. Қудай да олардың арасында жасайды. Олар Қудайдың халқы болады, Қудайдың Өзи де олардың Қудайы болып, олар менен бирге жасайды.
4
Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти».
5
Тахтта Отырған: – Енди ҳәммесин жаңалайман, – деди. Ол және маған: – Мынаны жаз: себеби бул сөзлер исенимли ҳәм ҳақыйқат, – деди.
6
Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман. Шөллеген адамға өмир суўының булақларынан ешейин суў беремен.
7
Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Қудайы боламан, ол Маған перзент болады.
8
Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам өлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳәм барлық өтирикшилердиң орны – күкирт жанған от көли болады. Бул – екинши өлим.
9
Соңынан ақырғы жети бәлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Қозының қалыңлығын көрсетемен. Ол Қозының болажақ келиншеги, – деди.
10
Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳәм бийик бир таўға көтерди. Ол жерден маған аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди көрсетти.
11
Қала Қудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мөлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди.
12
Қаланың үлкен ҳәм бийик дийўаллары болып, он еки дәрўазасы бар еди. Дәрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дәрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди.
13
Шығыста үш дәрўаза, арқада үш дәрўаза, қублада үш дәрўаза, батыста үш дәрўаза бар еди.
14
Қаланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Қозының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.
15
Мениң менен сөйлескен периштениң қолында қаланы ҳәм қаланың дәрўазалары менен дийўалларын өлшеў ушын, өлшейтуғын алтын таяқ бар еди.
16
Қала төрт мүйеш тәризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы өлшейтуғын таяқ пенен өлшегенде, узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бирдей болып, ҳәр бир тәрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты.
17
Периште дийўалларды да өлшеп шықты. Адамның өлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты.
18
Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мөлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди.
19
Қала дийўалларының тийкар таслары ҳәр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси көк сапфир, үшиншиси халкидон, төртиншиси жасыл зумрат,
20
бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси көк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси көк яқыт, он екиншиси қызғылт көк аметист.
21
Он еки дәрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳәр бир дәрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Қаланың көшеси мөлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.
22
Мен қалада Ибадатхана көрмедим. Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз ҳәм Қозы қаланың Ибадатханасы еди.
23
Қаланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Қудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Қозы оның шырасы еди.
24
Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары өз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди.
25
Қаланың дәрўазалары ҳәр қашан ашық турады, өйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды.
26
Адамлар өз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳәм абырайын ол жерге алып келеди.
27
Оған ҳеш қандай ҳарам нәрсе, жеркенишли ҳәм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Қозының Өмир китабында жазылғанлар ғана киреди.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22