bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Revelation 20
Revelation 20
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 21 →
1
Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳәм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин көрдим.
2
Периште айдарҳаны, яғный әзәзүл ҳәм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады.
3
Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мөрлеп таслады. Мың жыл өткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис.
4
Соңынан мен тахтларды ҳәм оларда отырғанларды көрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳәм Қудайдың сөзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да көрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳәм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти.
5
Бул – биринши қайта тирилиў. Қалған өлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди.
6
Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳәм мухаддес. Екинши өлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Қудайдың ҳәм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди.
7
Мың жыл өткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи.
8
Жер жүзиниң төрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳәм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады.
9
Олар жер жүзин басып өтип, мухаддеслердиң мәканы болған Қудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди.
10
Ал оларды азғырған шайтан от ҳәм күкирт көлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳәм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мәңгиге азап шегеди.
11
Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳәм тахтта Отырғанды көрдим. Жер ҳәм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти.
12
Тахттың алдында турған үлкен-киши өлилерди де көрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Өмир китабы еди. Өлилер китапларда жазылғанлар бойынша, өз ислерине қарай ҳүким етилди.
13
Теңиз өзинде болған өлилерди, өлим ҳәм өлилер мәканы да өзлеринде болған өлилерди шығарып берди. Ҳәр бири өз ислерине қарай ҳүким етилди.
14
Өлим ҳәм өлилер мәканы от көлине ылақтырылды. Бул от көли – екинши өлим.
15
Атлары Өмир китабында жазылмағанлардың ҳәммеси от көлине ылақтырылды.
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22