bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Revelation 7
Revelation 7
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 8 →
1
Буннан соң, мен жер жүзиниң төрт мүйешинде турған төрт периштени көрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳәм ҳәр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң төрт самалын услап турған еди.
2
Мен және шығыстан көтерилип киятырған, тири Қудайдың мөрине ийе басқа бир периштени көрдим. Ол жерге ҳәм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген төрт периштеге бәлент даўыс пенен бақырып:
3
«Бизлер Қудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мөр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳәм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди.
4
Сонда мен маңлайларына мөр басылғанлардың саны бир жүз қырық төрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди.
5
Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың, Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың, Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың, Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мөр басылды.
9
Буннан соң қарасам, ҳәр түрли миллеттен, ҳәр түрли урыўдан, ҳәр түрли халықтан ҳәм ҳәр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳәм Қозының алдында тур еди. Ҳәммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди.
10
Олар бәлент даўыс пенен: «Қутқарыў тахт үстинде отырған Қудайымыздың ҳәм Қозының қолында», – деп бақырып турған еди.
11
Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳәм төрт мақлуқтың дөгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Қудайға табынып былай деди:
12
«Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет мәңгиге Қудайымыздики болсын. Аўмийин».
13
Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады.
14
– Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар.
15
Сонлықтан олар Қудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Өз панасында сақлайды.
16
Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳәм шөллемейди, қуяш ямаса жәзийрама ыссы оларды күйдирмейди.
17
Өйткени тахтың ортасында болған Қозы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22