bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Romans 11
Romans 11
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 12 →
1
Олай болса, мен мына нәрсени сорап атырман: Қудай Өз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман.
2
Қудай Өзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Қудайға шағым жасап былай деген еди:
3
«Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды өлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де өлтириўге ҳәрекет етпекте».
4
Оған Қудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Өзим ушын ажыратып алдым».
5
Сол сыяқлы, ҳәзирги ўақытта да израиллылар арасында Қудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар.
6
Олар саўап ислери себепли емес, ал Қудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди.
7
Солай етип, не жүз берди? Израил халқының көпшилик бөлеги излеген нәрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди.
8
Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Қудай оларға Өзиниң сөзин түсинбеўи ушын бийпәрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин, Қөзлери болса да, көрмейди, Қулақлары болса да, еситпейди».
9
Даўыт былай дейди: «Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип, Қақпанға алынсын ҳәм қулап, жазалансын.
10
Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын. Беллери аўырманлықтан мәңгиге бүгилип қалсын!»
11
Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Қудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳәм бул арқалы оларда қызғаныш оятты.
12
Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли көп байлық алып келеди!
13
Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен өз хызметимди мәртебели деп есаплайман.
14
Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳәм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен.
15
Өйткени олардың Қудай тәрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Қудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Қудай тәрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, өлимнен өмирге өтиўине себепши болмай ма?
16
Егер қамырдың биринши бөлеги Қудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес.
17
Бирақ, егер зәйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зәйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нәр алсаң,
18
кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нәр берип турыпты.
19
Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин.
20
Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ!
21
Себеби Қудай тәбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды.
22
Солай етип, сен Қудайдың мийрим-шәпәәтин ҳәм қаталлығын көрип қой: Қудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шәпәәтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шәпәәтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң!
23
Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа және қайта жалғанады. Өйткени Қудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли.
24
Жабайы зәйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тәбиятқа қарсы түрде жақсы зәйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тәбийғый шақалардың өз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ!
25
Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бөлегиниң жүреги тас болып қала береди.
26
Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Қудай Ийемиз былай дейди: „Қутқарыўшы Ерусалимнен келеди, Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады.
27
Олардың гүналарын кеширгенимде, Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“».
28
Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Қудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Қудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди.
29
Себеби Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды.
30
Сизлер бир ўақытлары Қудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Қудайдың мийрим-шәпәәтине еристиңлер.
31
Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳәзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерискениңиз себепли, олар да Қудайдың мийрим-шәпәәтине ериседи.
32
Өйткени Қудай ҳәмме адамларды олардың бойсынбайтуғын тәбиятына тутқын қылып, оларға Өз мийрим-шәпәәтин көрсетти.
33
О, Қудайдың байлығы, даналығы ҳәм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды!
34
«Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мәсләҳәтши болған?»
35
«Қудайдан қайтарып алыў ушын, Ким Оған алдын ала бир нәрсе берген?»
36
Себеби Қудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳәммеси Ол арқалы ҳәм Ол ушын бар болған. Оған мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16