bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Romans 9
Romans 9
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 10 →
1
Масихқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, өтирик сөйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа:
2
жүрегимде үлкен бир қайғым ҳәм таўсылмас бир дәртим бар.
3
Қанымыз бир болған туўысқанларым, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мениң Қудайдың ғарғысына ушырап, Масихтан аласлатылыўым керек болса, мен қайыл болар едим. Қудай оларды балалары қылып асырап алған, оларға Өз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳәм Қудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўәделерин де берген.
5
Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳәм Масих та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масих – ҳәммениң үстинен ҳүкимдар болған, шексиз алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың Өзи. Аўмийин.
6
Мен Қудайдың сөзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳәммеси де ҳақыйқый израиллылар емес.
7
Және де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Қудай Ибрайымға: «Балаң Ысақтан туўылғанларды ғана сениң ҳақыйқый урпақларың деп есаплайман», – деген еди.
8
Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Қудайдың балалары емес. Ал Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады.
9
Өйткени Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта келгенимде, Сара уллы болады».
10
Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳәмледар болып, егиз улларды туўды.
11
Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳәм олар еле жақсы ямаса жаман бир нәрсе ислеместен бурын Қудай Ребеккаға: «Үлкени кишкенесине хызмет етеди», – деген еди. Солай етип, Қудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Өз ерки менен таңлап алды.
13
Ҳәтте, Қудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Исабты жек көрдим», – деген.
14
Олай болса, не деймиз? Қудай әдилсиз болғаны ма? Ҳеш қашан!
15
Себеби Қудай Муўсаға былай деген: «Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, Соған мийрим-шәпәәтимди беремен, Кимге реҳим етиўди қәлесем, Соған реҳим етемен».
16
Солай етип, таңланыў адамның қәлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Қудайдың мийрим-шәпәәтине байланыслы.
17
Өйткени Қудай Мухаддес Жазыўда Фараонға былай деген: «Қүдиретимди сен арқалы көрсетиў ушын, Атым пүткил жер жүзине жәрияланыўы ушын, Сени мәртебели қылдым».
18
Солай етип, Қудай қәлеген адамына мийрим-шәпәәтин береди ҳәм қәлеген адамын тас баўыр қылады.
19
Енди сен меннен: «Егер Қудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин.
20
Бирақ, ҳәй адам, Қудайға қарсылық көрсететуғындай, сен кимсең? Дөретилген нәрсе өзин дөреткенге: «Мени неге бундай қылып дөреттиң?» – дей ме?
21
Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин әпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе?
22
Қудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳәм Өзиниң ғәзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғәзебин төгип, күшин көрсетиўди қәлесе де, оларға үлкен сабырлылық көрсетти.
23
Және де, Қудай мәртебеге еристириў ушын Өзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳмин берип, Өзиниң шексиз уллылығын көрсетти.
24
Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Қудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз.
25
Осия пайғамбардың китабында Қудай былай деген: «Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп, Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман».
26
«„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде, Тири Қудайдың балалары деп аталасыз».
27
Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бәлент даўыс пенен былай дейди: «Израил халқының саны теңиз қумындай көп болса да, Олардан тек аз ғанасы қутқарылады.
28
Себеби Ийемиз шығарған ҳүкимин, Жер жүзинде тез ҳәм толық әмелге асырады».
29
Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай: «Егер Қүдиретли Ийемиз, Бизлерден нәсил қалдырмағанда, Бизлер Содом қаласы сыяқлы болып, Гомора қаласына уқсап қалар едик».
30
Олай болса, не деймиз? Қудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары өз исеними арқалы ақланды.
31
Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады.
32
Не ушын? Өйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады.
33
Мухаддес Жазыўда: «Минекей, Мен Ерусалимде бир тасты, Сүрниктиретуғын ҳәм қулататуғын жартасты орнатаман. Бирақ, Оған исенген адам уятқа қалмайды», – делинген.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16