bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Romans 2
Romans 2
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 3 →
1
Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳәй адам, өзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, өзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳәй ҳүким етиўши адам, өзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо.
2
Сол ислерди ислеўшилерди Қудай әдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз.
3
Сондай нәрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ өзи де солай ислеўши, ҳәй адам, сен Қудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба?
4
Я болмаса, Қудайдың кең пейиллилигиниң сени тәўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳәм шыдамлылығын писент етпейсең бе?
5
Сен өзиңниң өжетлигиң ҳәм тәўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Қудайдың әдил ҳүкими шығарылатуғын ғәзеп күни ушын, өзиңе қарсы ғәзеп топламақтасаң.
6
Қудай ҳәр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады:
7
үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳәм мәңгиликти излегенлерге Қудай мәңгилик өмир береди.
8
Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғәзеп ҳәм қәҳәрин төгеди.
9
Жаманлық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Қудай қыйыншылық ҳәм қайғы жибереди.
10
Керисинше, жақсылық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳәм тынышлық береди.
11
Өйткени Қудай адамларды айырмайды.
12
Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи.
13
Себеби Қудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады.
14
Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, өзлери ушын өзлери нызам.
15
Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын көрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳәм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды.
16
Мен жәриялап атырған Хош Хабар бойынша Қудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады.
17
Минекей, сен өзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳәм Қудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң.
18
Сен Қудайдың еркин билесең ҳәм Мухаддес Нызамнан тәлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң.
19
Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳәм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, өзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры, ақылсыз адамлардың тәрбияшысы ҳәм гөдеклердиң устазы деп есаплайсаң.
21
Олай болса, басқа биреўге тәлим берип турып, өзиңе неге тәлим бермейсең? Урлық ислемеўди жәриялап, өзиң неге урлық ислейсең?
22
«Бузықшылық ислеме» деп, өзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң?
23
Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Қудайды ҳүрмет етпейсең?
24
Өйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Қудайдың атына тил тийеди».
25
Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес.
26
Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Қудай тәрепинен сүннетлилер, яғный Өзиниң халқы деп есапланбай ма?
27
Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳәм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен?
28
Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳәм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес.
29
Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Және де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тәрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Қудайдың мақтаўын алады.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16