bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Библия аўдарыў институты, 2004
/
Romans 13
Romans 13
Библия аўдарыў институты, 2004
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 14 →
1
Ҳәр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Өйткени Қудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳәммеси де Қудай тәрепинен орнатылған.
2
Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Қудай орнатқан тәртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды.
3
Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қәлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең.
4
Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Қудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Өйткени ол қылышты бийкарға көтерип жүрген жоқ. Ол Қудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Қудайдың ғәзеби менен жазалайды.
5
Сонлықтан тек Қудайдың ғәзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис.
6
Сизлердиң салық төлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да өз иси менен бәрқулла бәнт болып, Қудайға хызмет етеди.
7
Солай етип, ҳәр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳәм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет көрсетиңлер.
8
Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық өтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Өйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады.
9
«Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, басқаның мүлкин күсеме», – деген буйрықлар ҳәм қалған барлық буйрықлар мына сөзлерде жәмленген: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
10
Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек.
11
Ҳәзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дәслепки ўақытларға қарағанда, ҳәзир жақынырақ.
12
Түн өтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық.
13
Айшы-әширетке ҳәм мәскүнемликке, ҳарамылыққа ҳәм бузықшылыққа, жәнжел ҳәм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын әдепли өмир сүрейик.
14
Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине бойсынбаңлар.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16