bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ephesians 1
Ephesians 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 2 →
1
Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масийх Ийсаға садық болған Эфес қаласындағы мухаддеслерге сәлем!
2
Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3
Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Ол бизлерди Масийх арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаўлар менен жарылқады.
4
Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масийх пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип,
5
Ийса Масийх арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыўды алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды.
6
Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи.
7
Масийх пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Қудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди.
8
Қудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып,
9
Өз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масийх арқалы жобаластырған әжайып мақсети бойынша болды.
10
Белгиленген ўақыт болғанда әмелге асатуғын Қудайдың жобасы – жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масийхтың басшылығында бирлестириўден ибарат.
11
Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масийх арқалы таңлап алындық.
12
Бул Масийхқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.
13
Ҳақыйқат сөзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масийхқа исенгениңизде, сизлер де ўәде етилген Мухаддес Руўх пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдыңлар.
14
Қудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Қудайдың бизлерге ўәде еткен мийрасының кепили. Булардың ҳәммеси бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.
15
Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил мухаддеслерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери,
16
мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан.
17
Ийемиз Ийса Масийхтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳәм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Қудайдан сорап атырман.
18
Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳәм Оның мухаддеслерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң көзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман.
19
Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин билиўиңиз ушын да дуўа етип атырман.
20
Қудай усы күш пенен Масийхта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды.
21
Қудай Масийхты барлық ҳәкимшилик ҳәм бийликтен, пүткил қүдирет ҳәм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дәўирде де аталатуғын ҳәмме атлардан жоқары қойды.
22
Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды.
23
Исениўшилер жәмәәти Масийхтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масийхтың толылығына ийе.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6