bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ephesians 6
Ephesians 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
1
Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады.
2
«Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген ең баслы буйрық.
3
Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады».
4
Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер.
5
Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сөзин Масийхтың сөзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳәм пәк жүрек пенен тыңлаңлар.
6
Буны адамларға жақсы көрингиси келетуғынлар сыяқлы, көзабаға ислемеңлер. Қудайдың қәлеўин Масийхтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар.
7
Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер.
8
Өйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳәр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер.
9
Ҳәй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби олардың да, сизлердиң де Ийеңиз аспанда екенин ҳәм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.
10
Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар.
11
Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар.
12
Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы.
13
Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар.
14
Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер.
15
Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер.
16
Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар.
17
Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
18
Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил мухаддеслер ушын табан тиреп сораңлар.
19
Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳәр ашқанымда маған керекли сөз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын.
20
Және де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳәзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы түрде мәртлик пенен жәриялаўым ушын да дуўа етиңлер.
21
Аўҳалымның қалай екенин ҳәм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳәм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳәммесин айтып береди.
22
Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди.
23
Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх туўысқанларға тынышлық ҳәм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин.
24
Ийемиз Ийса Масийхты өшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳәммесине Қудайдың мийрими яр болсын!
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
All chapters:
1
2
3
4
5
6