bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ephesians 3
Ephesians 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 4 →
1
Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масийх Ийсаның тутқыны болдым.
2
Сизлер ушын Қудайдың Өз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, әлбетте, еситкенсизлер.
3
Жоқарыда қысқаша жазып өткенимдей, Қудай маған Өз сырын аян арқалы билдирди.
4
Бул хатты оқығаныңызда, Масийхтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин.
5
Адамзаттың әўелги әўладларынан қупыя тутылып, енди Қудайдың мухаддес елшилерине ҳәм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат:
6
басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳәм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масийх Ийса себепли берилген ўәдеге де шерик.
7
Қудайдың ҳәрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жәриялаў ушын хызметке тайынландым.
8
Мен барлық мухаддеслер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масийхтың шексиз байлығы ҳаққында жәриялаў ушын, Қудай маған усы мийримин берди.
9
Және де, ҳәмме нәрсени жаратқан Қудай Өзинде әўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳәммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди.
10
Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў.
11
Қудай усы мәңгилик мақсетин Ийемиз Масийх Ийса арқалы әмелге асырды.
12
Бизлер Масийх пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Қудайға батырлық ҳәм толық исеним менен жақынласа аламыз.
13
Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды өтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди.
14
Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен.
15
Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген.
16
Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин.
17
Исенимиңиз арқалы Масийх жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып,
18
барлық мухаддеслер менен бирге Масийхтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз.
19
Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз.
20
Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе.
21
Оның даңқы Масийх Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жәмәәтинде, әўладтан-әўладқа, мәңги-бақый арта берсин! Аўмийин.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6